Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.12.2019 16:24
  • 1216

Парламентке сайланған депутатлардың неше проценти ҳаял-қызлардан ибарат?

Парламентке сайланған депутатлардың неше проценти ҳаял-қызлардан ибарат?
Бүгин, 23-декабрь күни сайлаў нәтийжелери жәрияланғаннан соң, барлық партиялардың басшылары қатарында «Адолат» СДП баслығы Наримон Умаров та сайлаў бойынша өз мүнәсибетин билдирди. Оның атап өтиўинше, сайланған депутатлардың 36% ин ҳаял-қызлар қурайды.
- Әлбетте, оғада үлкен процесс жуўмақланды. Елимиздеги үлкен өзгерислердиң бир басқышы жақсы жуўмақланғаны, халқымыз бул сайлаўға бийпарқ болмастан, белсене қатнасқаны менен қутлықлаймыз. Ең тийкарғысы, сиясий партияларға бирдей шараят жаратылды.
Сайлаўлардың ең қуўанышлы тәрепи, ҳаял-қызларымыздың 36% сайланғаны болды, мен ойлайман, оғада үлкен революциялық өзгерис болды, - деп айтып өткен Н.Умаров.
Еслетип өтемиз, Нызамшылық палатасына сайлаў өткерилген 22 округте талабанлардың биреўи де жетерли муғдарда даўыс ала алмағанлығы себепли усы округлерден депутат сайланбады. Енди усы округлер қайта даўыс бериў болып өтеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал