1997-жылы өмирлик жолдасы босанып атырған Арқа Каролина пуқарасы инженер Филипп Кан туўыў үйиндеги күтиў бөлмесинде отырғанда ўақытты бийкарға өткермеўге қарар етеди. Ол санлы фотокамера, телефон ҳәм ноутбуктен пайдаланып революция ислемекши болады.
Кан камераны телефонға бириктирип, оларды арнаўлы код жәрдеминде ноутбукке жалғайды. Оның өмирлик жолдасы қызы Софиди дүньяға келтирген ўақытта Филипп баланы сүўретке түсирип алады. Ал, телефон болса оның байланыс системасындағы барлық адамларға сүўретти жоллайды. Бул телефон арқалы тарқалған дәслепки сүўрет сыпатында тарийхта қалады.
Арадан үш жыл өтип «Sharp» компаниясы Филипп Канның технологиясынан пайдаланып, арнаўлы камера орнатылған телефонды ислеп шығарады. Бир неше жылдан соң телефон Америкадағы ең өтимли товарлар қатарына киреди.
Солай етип, жаңа технология мобиль телефонлардың жаңа басқышын баслап береди.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz