Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.01.2020 13:15
  • 1660

ЖПХ инспекторы «боди-камера»ға түсирилген видеожазыўды транспорт басқарыўшыға көрсетпеўге ҳақылы ма? (Басқа да сораўларға жуўаплар)

ЖПХ инспекторы «боди-камера»ға түсирилген видеожазыўды транспорт басқарыўшыға көрсетпеўге ҳақылы ма? (Басқа да сораўларға жуўаплар)
Жол-патруль хызмети инспекторлары 2020-жылдың 1-январынан баслап «боди-камера», яғный мобиль камералар менен хызмет алып бармақта. Усы мүнәсибет пенен Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы транспорт басқарыўшылар ҳәм жол ҳәрекетиниң барлық қатнасыўшыларына мүрәжат жоллады.
Мүрәжатта жазылыўынша, буннан былай ЖПХ хызметкери Сизди тоқтатып, сәўбетке кирискенде, усы сәўбет мобиль камераға жазып алынатуғынлығын, алдағы ўақытларда нызамға қайшы ис-ҳәрекетлерди әмелге асырсаңыз, айыбыңызды дәлиллеў ушын видеожазыўдан пайдаланылыўы мүмкин.
Хызметкерлер тәрепинен пайдаланылып атырған мобиль камералар хызметкердиң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз ара сәўбетин видеоға алып, усы сәўбеттиң шын кеўилден, әлпайымлылық тийкарында болыўына, сондай-ақ, қарама-қарсылықлы, кеўилсиз жағдайлардың және коррупциялық жағдайлардың алдын алыўға хызмет етеди.
Айырым жағдайларда болса хызметкердиң ис-ҳәрекетлери үстинен арза ҳәм шағымлар болғанында, усы видеожазыўлар жағдайға анықлық киргизиўге жәрдем береди.

Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы усы орында пуқаралар тәрепинен берилип атырған сораўларға жуўап берип, анықлық киргизип өткен:

- Мобиль камерадан ЖПХ хызметкериниң жол ҳәрекети қатнасыўшысы менен сәўбетин видеоға алыў ушын пайдаланылады;
- ЖПХ хызметкери транспорт басқарыўшысына оның әмелге асырған қағыйда бузыўшылығының видеокөринисин көрсетип бериўге мәжбүр емес;
- барлық хызметке бириктирилип атырған хызметкерлер мобиль камерадан пайдаланған ҳалда хызмет алып барады. ЖПХ хызметкериниң мобиль камерасыз хызмет көрсетиўине жол қойылмайды;
- Жол ҳәрекети қатнасыўшылары хызметти мобиль видеокамерасыз жүргизип атырған ЖПХ хызметкерине ҳүжжетлерди усынбаў ҳуқықына ийе.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 1-декабрьдеги 975-санлы қарары менен тастыйықланған «Жол-патруль хызмети хызметкерлериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз ара мүнәсибетлери және арнаўлы қурылмалардан пайдаланыў тәртиби ҳаққында»ғы реже талапларына муўапық 2020-жылдың 1-январь күнинен баслап Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәмлекетлик жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызметиниң барлық ЖПХ хызметкерлери хызметти мобиль камерадан пайдаланған ҳалда әмелге асырыўды баслады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...