Telegram karinform

Жәмийет

  • 03.01.2020 17:07
  • 1052

Аралдың қурыған ултанындағы 100 мың гектардан аслам жерге шөлге шыдамлы туқымлар егилди

Аралдың қурыған ултанындағы 100 мың гектардан аслам жерге шөлге шыдамлы туқымлар егилди
2019-жылдың гүз ҳәм 2020-жылдың бәҳәр мәўсимлеринде Арал теңизиниң қурыған ултанынан «жасыл қапламалар» - қорғаныў тоғайларын пайда етиў жумыслары ушын сексеўил туқымын жыйнаў ҳәм егиў қызғын алып барылмақта.
Бүгинги күнге шекем қала ҳәм районлардағы Тоғай хожалықларының, Абаданластырыў басқармасының хызметкерлери, жергиликли турғынлардың қатнасыўында сексеўил туқымын жыйнаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.
Кешеги күнге шекем 829 тоннадан аслам сексеўил, 541 тоннадан аслам қандим ҳәм басқа да өсимликлердиң туқымы таярланды. Таярланған туқымларды егиў ушын қарықлар жарылып, қамыслардан ибарат самалдан қорғаныў ушын арналған қурылмалар, арнаўлы техника жәрдеминде сексеўил туқымын егиў жумыслары әмелге асырылмақта.
Усы жыл 2-январьға шекем 101,2 мың гектар жерге 404,8 тоннадан аслам туқым егилди. Сондай-ақ, бул өсимликлерди нәллерден де егиў жумыслары алып барылмақта.
Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити