Telegram karinform

Сиясат

  • 12.05.2025 18:40
  • 28

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

 

Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында биринши мәрте хабар берилген еди. Онда блогерлердиң миннетлемелери жеңиллесип атырғанына итибар қаратылғаны ҳәммениң дыққатын тартты.

«Мине, нызам жойбарының өзи де жәрияланып, биз бул мәселени таллаў имканиятына ийе болдық», – дейди Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги мәлимлеме хызмети басшысы Нигора Каримова.

 

Блогерлер әмелде қандай миннетлемелерге ийе еди ҳәм жаңа нызамда қандай жеңилликлер күтилмекте?

 

Улыўма алғанда 2014-жылы «Мәлимлемелестириў ҳаққында»ғы нызамға блогер түсиниги киргизилип, оған сол ўақытта төмендегише тәрийп берилген еди: «Блогер – Интернет жәҳән мәлимлеме тармағындағы өз веб-сайтына ҳәм (ямаса) веб-сайт бетине ҳәмме еркин пайдаланыўы мүмкин болған, жәмиетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм басқа да өзгешеликке ийе мәлимлемени, соның ишинде, мәлимлемеден пайдаланыўшылар тәрепинен усы мәлимлемени додалаў ушын жайластырыўшы физикалық шахс».

 

Жаңа нызамда да блогер түсиниги сақланып қалған болса да, бир өзгеше тәрепи бар, енди блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – «блогер» ҳәм «инфлюенсер» (инглисше influence - «тәсир» сөзинен алынған). Ал, олар жаңа нызамда қалай тәрийипленген:

 

Блогер – өз аккаунтында ямаса ғалаба жәмийетшиликте жәмиетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм басқа түрдеги контентти, соның ишинде, онлайн-платформа пайдаланыўшылары тәрепинен усы мәлимлемени додалаў ушын жайластырыўшы физикалық шахс (онлайн-платформа пайдаланыўшысы);


Инфлюенсер – онлайн-платформадағы өз аккаунтында ямаса ғалаба жәмиетшиликте он мыңнан аслам жазылыўшыға ийе болған блогер. Соны түсиниў керек, әмелдеги нызамда «блогер» түсиниги бир ўақыттың өзинде жүдә әпиўайы ҳәм жүдә кең түсиникти қамтып алатуғын еди. Мәселен, веб-сайт ийеси де блогер сыпатында есапланар еди.

 

Бирақ, тийкарғы айырмашылық бунда емес! Тийкарғы жаңалық бул блогерликтиң түп мәниси, яғный жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм басқа түрдеги контентти виртуал жәмийетке тарқатыў көлеминен келип шығып, бундай жумыс даўамында жүзеге келетуғын социаллық жуўапкершилик – миннетлемелер шегарасында.

 

Жаңа нызамда бул мәселе қандай шешим тапқан? Бул сораўға жуўап бериў ушын дәслеп әмелдеги нызамшылықтағы блогерге жүкленген миннетлемелерди көрип шығамыз.

«Мәлимлемелестириў ҳаққында»ғы нызамның сол белгили 12-1-статьясына тийкарланып әмелде блогер төмендегилерге мәжбүр:

  • нызамсыз контентти тарқатпаў;
  • информацияны өз бетине жайластырыўдан алдын оның дурыслығын тексериўи, сондай-ақ, жайластырылған информацияның дурыс емеслиги анықланған жағдайда, оны дәрҳал өширип таслаўы (!);
  • өз бетлеринде (мәселен, комментарийлерде) нызамсыз контент бар екенлигин анықлаў ушын мониторингти әмелге асырыўы (!) ҳәм бундай мәлимлеме анықланған жағдайда, оны дәрҳал өширип таслаўы.

 

Билесиз, бул бағдардағы тәртиплер Ҳүкиметтиң 2018-жылдағы 707-санлы қарары менен тәртипке салынған.

 

Енди жаңа нызамдағы усыныс етилип атырған қағыйдаларды көрип шығайық.

Жаңа нызамда блогерлер контент тарқатыў бойынша тек ғана 13-статьяда келтирилген нызамсыз контентти тарқатпаў ҳәм нызамсыз контент тарқатылған жағдайда оны өшириў миннетлемесине ийе.

Енди әмелдеги нызамдағы мәлимлемени тарқатыўдан алдын дурыслығын тексериў ҳәм өз бетиниң мониторингин жүргизиў сыяқлы талаплардан блогерлер азат етилмекте, бундай талаплар тек ғана инфлюенсер дәрежесине жеткен, яғный 10 мың жазылыўшыға ийе болған блогерлерге тийисли.

Усы орында бир салыстырыў орынлы болады. Не ушын бундай миннетлемелер инфлюенсерлерге тийисли болмақта. Мәселен, газеталардан бири «Жаслар ҳаўазы» (бурынғы «Түркстан») ҳәзирги ўақытта 10,3 мың нусқада басып шығарылмақта, тәсиршеңлик көзқарасынан қәлеген инфлюенсер бул газета менен бәсекилесе алады десек қәте болмайды.

 

Бирақ, ғалаба хабар қуралына нызамлар менен жүкленген миннетлемелер көлеми, атап айтқанда тарқатылып атырған мағлыўматты алдыннан тексериў миннетлемеси, не ушын тап усы тиражда шығып атырған газета ҳәм усы санлы жазылыўшыға ийе болған инфлюенсерде басқаша болыўы керек.

Басқа тәрептен, бир неше жүз жазыўшысына ийе болған блогерден тарқатылып атырған мағлыўматты алдыннан тексериў, оның бетиндеги пикирлерди мониторинг етиўди талап етиў де бираз әдилсизлик. Сонлықтан, ең әҳмийетлиси, нызамсыз контент тарқатпаў миннетлемесине әмел ете «әдеттеги» блогерге, соның өзи оның социаллық жуўапкершилигине жетерли болады.

 

Social

Усыныс етемиз

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

Өзлестириў көрсеткиши жоқары болған социаллық белсенди студентлерге тәлим гранты бериледи

    ️Енди жоқары курслардағы өзлестириўи жақсы ҳәм социаллық белсенди студентлер толық ямаса белгили бир бөлеги муғдарында

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул