Telegram karinform

Сиясат

  • 19.03.2025 16:31
  • 186

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

 

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы президент қарарында белгиленди.

 

Оның ўазыйпалары:

➖ Турақлы түрде аймақларға шығып, исбилермен ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў ҳәм оларды сапластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
➖ Исбилермен ҳаял-қызлардың алдынғы тәжирийбелерин басқа аймақларда ғалаба ен жайдырыўға жәрдемлесиў;
алдын исбилерменлик жойбарларын әмелге асырған ҳаял-қызлар менен мәнзилли ислеп, олардың машқалаларын шешиў ҳәм бизнес идеяларын әмелге асырыўға жәрдемлесиў;
➖ Системалы машқалаларды шешиў бойынша ҳүкиметке ҳәм нызамшылық палатасына усыныслар киргизип барыў.

 

Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси Саўда-санаат жанында, 27 адамнан ибарат қурамда шөлкемлестириледи.

Қарар менен, сондай-ақ, төмендеги имканиятларға ийе «Исбилермен ҳаял-қызлар» платформасы 2025-жыл 1-июльға шекем иске түсириледи:

➖ Ҳаял-қыз исбилерменлерге шийки зат сатып алыўға жәрдемлесиў;
➖ Өз-ара кооперацияны кеңейтиў ҳәм өнимлерди сатыў ушын базар табыў;
➖ Зәрүр қәнигелерди излеў ҳәм жумысқа қабыл етиў;
➖ Жойбарлар шеңберинде жүзеге келип атырған машқалаларды анықлаў ҳәм оларға шешим табыў.

 

2025-жыл 1-майдан төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Ҳамкор тадбиркор» бағдарламасы жолға қойылады:
➖ Өз бизнесин шөлкемлестирежақ болған ҳаял-қызларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў;
➖ Кооперация тийкарында ҳаял-қызлардың исбилерменлик жумысын жолға қойыўға жәрдемлесиў;
➖ Жергиликли ҳәм халықаралық электрон платформаларда ҳаял-қызларға өз өнимлерин жайластырыў ҳәм сатыўға жәрдемлесиў.

 

2025-жыл 1-августқа шекем Ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў бағдарында финанслық хызметлер көрсетиў стратегиясы тастыйықланады.

Social

Усыныс етемиз

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

Қарақалпақстанда ерлер көп пе ямаса ҳаяллар?

    Қарақалпақстан Республикасы статистика комитетиниң берген мағлыўматына бола, 2025-жылдың 1-апрель жағдайына Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

Өзбекстанда интернет пайдаланыўшылары саны жәрияланды

    ​Миллий статистика комитетиниң берген мағлыўматларына муўапық, интернет пайдаланыўшылары саны дерлик 94%ке жеткенлигин көриўимиз мүмкин. Жоқарыдағы