Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.01.2020 15:26
  • 1005

Қараөзекли жаслар Мойнақтағы Ақбеткей елатында сексеўил туқымларын жыйнаў ҳәм егиўде белсендилик көрсетти

Қараөзекли жаслар Мойнақтағы Ақбеткей елатында сексеўил туқымларын жыйнаў ҳәм егиўде белсендилик көрсетти
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик тоғай хожалығы комитети баслығы У.Утамбетов ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы А.Данияров Қараөзек районы жаслары менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги баспасөз хызмети хабар берди.
Ушырасыўда шығып сөйлегенлер район жасларын Арал теңизиниң қурғап қалған майданын көклемзарластырыў ҳәм шөлге шыдамлы сексеўил туқымларын егиўге белсене қатнасыўға шақырды. Буннан руўхланған район жаслары усы күнниң өзинде Мойнақ районы аймағындағы Ақбеткей елатына барып, сексеўил туқымларын жыйнаў ҳәм егиў жумысларында пидайылық көрсетти.
Егис жумысларына жәрдемге келген көмекшилерге районлық мәденият бөлими ҳәм Ишки ислер министрлигиниң «Арал жулдызлары» ансамблиниң йошлы концерт бағдарламалары қойып берилди.
2020-жылда Арал теңизиниң курыған ултанында «Жасыл қапламалар» - қорғаныў тоғайлықларын пайда етиў жумыслары ушын сексеўил ҳәм қандым туқымларын жыйнаў және егиў жумыслары қызғын алып барылмақта.
Қараөзекли жаслар Мойнақтағы Ақбеткей елатында сексеўил туқымларын жыйнаў ҳәм егиўде белсендилик көрсетти
Қараөзекли жаслар Мойнақтағы Ақбеткей елатында сексеўил туқымларын жыйнаў ҳәм егиўде белсендилик көрсетти
Қараөзекли жаслар Мойнақтағы Ақбеткей елатында сексеўил туқымларын жыйнаў ҳәм егиўде белсендилик көрсетти

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити