Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.01.2020 12:06
  • 1461

Мойнақта жабайы шошқаларды нызамға қайшы түрде аўлаған пуқаралар усланды

Мойнақта жабайы шошқаларды нызамға қайшы түрде аўлаған пуқаралар усланды

2019-жылдың 6-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң инспекторлары Т.Төрениязов, Р.Қараев, К.Қличев, Т.Жийемуратов Қарақалпақстан Республикасы Арал тәбиятты қорғаў прокуратурасы менен биргеликте Мойнақ районында гезектеги рейд жумысларын өткерди. Бул ҳаққында комитет баспасөз хызмети хабар берди.
Рейд даўамында Мойнақ районы «Қазақдәрья» АПЖ аймағында «УАЗ-469» маркалы, мәмлекетлик белгиси 95 P 062 DA болған автомашинаны иркип, ишки салонын көзден өткергенде, ол жерде 2 дана жабайы шошқаның бар екенлигин анықлаған. Мәлим болыўынша пуқаралар С.С., Ғ.С., Қ.Б., Б.Н. ҳәм Б.Қ.лар «Қазақдәрья» АПЖ аймағындағы «Жалтырбас» көлинде нызамға қайшы түрде аңшылық етип, усы еки шошқаны атқан.
Мойнақта жабайы шошқаларды нызамға қайшы түрде аўлаған пуқаралар усланды
Бул пуқаралар Өзбекстан Республикасының «Ҳайўанат дүньясын қорғаў ҳәм оннан пайдаланыў ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм «Өзбекстан Республикасы аймағында аң ҳәм балық аўлаў қағыйдалары» талапларын турпайы түрде бузып, ҳайўанат дүньясына 6 690 000 сумлық зыян жеткерген.
Хабарда жазылыўынша, айғақлы зат ретинде алынған еки дана жабайы шошқа қайыр-сақаўат мақсетинде Нөкис қалалық медицина бирлеспесине тапсырылды.
Топланған ҳүжжетлер Мойнақ районлық Ҳәкимшилик ислери бойынша судына жиберилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет