Telegram karinform

Спорт

  • 09.01.2020 13:25
  • 1747

Нөкистеги олимпия резервлери мектеп-интернаты колледжге айландырылады

Нөкистеги олимпия резервлери мектеп-интернаты колледжге айландырылады
Олимпия резервлери колледжлериниң жумысларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарардың жойбары жәрияланды. Оған муўапық, Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги системасындағы қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернатлары негизинде олимпия резервлери колледжлери шөлкемлестириледи. Колледжлердиң жумыслары 2020-2021-оқыў жылынан баслап жолға қойылады.
Ҳүжжет тийкарында Өзбекстан бойынша 15 мектеп-интернат, соның ишинде Нөкис қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернаты Нөкис олимпия резервлери колледжине айландырылады.

Ҳүжжетте белгилениўинше:

- олимпия резервлери колледжиниң тийкарғы жумыслары дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўындағы жоқары тәжирийбеге ийе қәнигелер және спорттың олимпия түрлери бойынша сайланды командаларды қәлиплестириў ушын спорт резервин таярлаўға бағдарланады;
- олимпия резервлери колледжлери Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылады;
- олимпия резервлери колледжлериниң спорт түрлери бойынша контингенти Өзбекстан Республикасының билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссия тәрепинен тастыйықланады;
- олимпия резервлери колледжлеринде билимлендириў процеси еки басқышта: улыўма орта билим бериўдиң таяныш билимлендириўи (VI-IX класслар) және баслаўыш профессионал билимлендириў (I-II курслар) басқышларында әмелге асырылады;
- 2020-2021-оқыў жылынан баслап олимпия резервлери колледжлеринде футбол бөлимлери шөлкемлестириледи ҳәм оларда футбол бойынша қәнигелер (спортшылардан тысқары) таярланады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Тарийхта биринши мәрте илимпазлар лабораторияда жасалма түрде инсан тисин өсирди

Уқсас жаңалықлар

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

    Нөкис ҳәм Ургенч аэропортларында қолайсыз ҳаўа райы себепли самолётларды қабыллаўда ўақтынша шеклеўлер қойылды. Ташкент -–

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети