Telegram karinform

Жәмийет

  • 10.01.2020 11:45
  • 1482

Әжайып жаңалық: Студентлерге «беслик» ҳәм «төртлик» стипендия бериў қайтадан жолға қойылады

Әжайып жаңалық: Студентлерге «беслик» ҳәм «төртлик» стипендия бериў қайтадан жолға қойылады
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Расул Кушербаев өзиниң Телеграмдағы каналы арқалы «беслик» ҳәм «төртлик» стипендиялар қайтадан жолға қойылатуғынлығын мәлим етти, деп жазады «Дарё».
- Бүгин бас министрдиң орынбасары Азиз Абдуҳакимов пенен студентлерге стипендия белгилеў тәртиби бойынша ҳүкиметлик қарардың жойбарын додаладық. Көпшилик студентлердиң мүрәжатларын есапқа алған ҳалда билдирилген усыныслар да жойбардан орын алып, усы қарар қабыл етилиўи менен жақсы баҳаларға оқыйтуғын, белсенди, бес баҳасына оқып атырғанлар алдынғысындай жоқары, төртке оқып атырғанлар болса өз аты менен төртлик, үш баҳасына оқығанлар болса үшлик стипендия алыўы күтилмекте. Әпиўайыластырып айтқанда, ҳәр ким өзиниң умтылыўы ҳәм излениўине қарай стипендия алады. Жойбарда және бир қанша жақсы жаңалықлар да бар. Ең жақсысы, тез күнлерде қабылланғаннан соң билип аламыз. Несип етсе, ҳүжжет жақын күнлерде қабыл етиледи, - деп жазған депутат Расул Кушербаев.
Расул Кушербаев буннан алдын да жоқары билимлендириў системасында контракт, стипендия сыяқлы студентлер ушын әҳмийетли мәселелерде турақлылықтың жоқ екенлиги билимлендириў сапасы бир жақта қалып, студентлерде билим алыўға болған умтылыўдың болмаўына алып келиўи мүмкинлигин, 400 мың сумм ҳеш нәрсеге жетпейтуғынлығын мәлим етип, жуўапкер тәреплерге «Сиз де студент болдыңыз ба?» деген сораўды ортаға таслаған еди.
Еслетип өтемиз, 2019-2020-оқыў жылынан баслап Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларында мәмлекетлик грант ҳәм төлемли контракт тийкарында оқып атырған барлық студентлерге бирдей 400 мың сумлық стипендия белгиленген еди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...