
Мойнақ районында казинолар қашан қурылатуғынлығы ҳәзирше намәлим, бул мәселеде ҳәзирше анық гәп жоқ. Бул ҳаққында «Дарё» басылымы район ҳәкими Е.Еденбаевқа тийкарланып хабар берди.
Район ҳәкиминиң атап өтиўинше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда казинолар хызмети қадаған етилген.
- Казино мәселеси, олардың қашан қурылыўы ҳәзирше белгисиз. Бул бойынша жумыс алып барылып атырғаны жоқ. Хабарыңыз бар, казинолар нызам менен қадаған етилген. Казинолар қурылысы ушын болса алды менен нызамшылыққа өзгерис киргизиў керек. Бирақ, бул мәселе ҳәзирше анық емес, - деген район ҳәкими Е.Еденбаев.
Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстанда Лас-Вегастағы сыяқлы азарт ойын зоналары шөлкемлестирилиўи мүмкин екенлигине дәслеп Президент Шавкат Мирзиёев Олий Мажлиске 2018-жылдағы Мүрәжаты ўақтында атап өткен еди.
Кейин ала 2019-жылдың февраль айында Өзбекстан Бас прокуратурасы инвесторлар тәрепинен Мойнақ районында казино (ойын бизнеси) шөлкемлестириў мәселеси бойынша усыныслар берилгенин тастыйықлаған еди.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz