Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.01.2020 17:32
  • 1452

Стипендия реформасынан зыян көрген студентлердиң пуллары қайтарыла ма? Министр жуўап берди

Стипендия реформасынан зыян көрген студентлердиң пуллары қайтарыла ма? Министр жуўап берди
Жаслар пресс-клубының 13-январьдағы сессиясы билимлендириў системасындағы мәселелерге арналды.
Илаж соңында Kun.uz хабаршысы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.Мажидовқа ҳәзирги ўақытта студентлерге төленип атырған стипендиялардың жаңа тәртиби «Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер ҳаққында»ғы нызамға қаншелли сәйкес ҳәм бул өзгерис қайсы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет тийкарында исленди, мазмунындағы сораў менен мүрәжат етти, деп жазбақта басылым.

- Жаңа тәртипке Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және жоқары оқыў орынларына берилген ўәкиллик тийкарында өтилген. Усы жол арқалы жоқары оқыў орынларында билимлендириўдиң сапасын жақсылаў мақсет етип алынған.
Стипендияларды теңлестирейик, деген усыныс қашан пайда болды? Дифференциалласқан стипендия тәртибинде студентлер өз баҳасын жасалма түрде көтериўге ҳәрекет етеди. Буның ақыбетинде коррупция жүзеге келеди.
Әлбетте, коррупцияға қарсы гүресиўдиң басқа онлаған жоллары бар, бирақ бул системаның қолайлы тәрепи – бул арқалы ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мүмкин, ҳәм жақсы оқыйтуғын студентлер хошаметленеди.
Ҳәзир социаллық тармақларда бул система надурыс талқыланбақта. Мазмунына итибар берилип те атырғаны жоқ, - деген министр.

«Бул өзгерис қайсы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет тийкарында исленди?» деген сораўға И.Мажидов:
- Бул – мәкемелердиң қарары. Қарардың ақырға варианты енди шығады. Бул жаңалық стипендия бериў бойынша мәкеме ҳүжжети тийкарында исленген, - деп айтып өткен.
Министр анық қайсы мәкемениң ҳүжжети ҳаққында сөз болып атырғаны, оның қаншелли ҳуқықый тийкарғы ийе екенлигине тийкар келтирип өтпеген.
Министрдиң мәлим етиўинше, тез арада студентлерге өзлерине тийисли болған пуллар қайтарып бериледи.
Соның менен бирге, 1-курс студентлери ҳәм алдынғы семестрди «3» баҳасына жуўмақлаған студентлерден оларға төленген артықша пуллар қайтарып алыныўы ямаса алынбаўы мәселеси анық болмай қалмақта.
Мағлыўмат ушын, алдын ҳуқықтаныўшы-блогер, Республикалық жоқары билимлендириў кеңесиниң ағзасы Х.Худайбердиев бирдей стипендия төлеўге ҳүкиметтиң ҳәзирше ҳақы жоқ екенлиги, Өзбекстанда дифференциалластырылған стипендия төлеў тәртиби елеге шекем бийкар етилмегени және өз күшинде турғаны ҳаққында жазған еди.
Оның пикиринше, сентябрь айынан баслап барлық студентлерге бирдей 400 мың сумм стипендия төленгени ҳеш қандай ҳуқықый тийкарға ийе емес.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында