Telegram karinform

Жәмийет

  • 14.01.2020 14:37
  • 1546

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары кимлерге несип етти?

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары кимлерге несип етти?
“Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгенине 28 жыл толыўы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықлаў ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының Қарары

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы

Қ А Р А Р Е Т Е Д И :
Елимиздиң қорғаныў қүдирети ҳәм әскерий-техникалық потенциалын жетилистириўдеги, шегараларымыз қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги, елимизде тынышлықты, турақлылық ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаўдағы пидәкерли хызметлери, сондай-ақ, жәмийетлик-сиясий турмыстағы белсендилиги ушын төмендегилер ҳүрметли атақ ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықлансын:

“Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист” ҳүрметли атағы менен:
Абреимов Расул Жумабаевич – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қарақалпақстан Республикасы басқармасы бөлим баслығының орынбасары

“Үмит ушқыны” көкирек белгиси менен:
Эргашалиев Сирожиддин Абдухалимович – Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы әскерий бөлим штаб разведка баслығы

Каримов Элдор Қўчқор ўғли – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери әскерий бөлиминиң әскерий хызметкери

Ибрагимова Аксунгул Фархадовна – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери әскерий бөлиминиң әскерий хызметкери

“Ўатан пидайысы” көкирек белгиси менен:
Махмудов Шавкат Юнусалиевич – Арқа-Батыс әскерий округи әскерий бөлиминиң полигон командаси оқ атыў майданы баслығы

Тореев Конысбай Полатбаевич – Арқа-Батыс әскерий округи әскерий бөлиминиң оқыў-шынығыў қурал-әнжам батальоны артиллерия батереясы топар инструктор – байланысшысы

Сабиров Хамдам Уринбаевич – Арқа-Батыс әскерий округи әскерий бөлиминиң оңлаў топары секциясы командири

Убайдуллаев Шерзод Шерали ўғли – Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы баслығының орынбасары

Женисбаев Анвар Женисбаевич – Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша топар командири

Хайитов Алишер Олимхонович – Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери әскерий бөлими топар командириниң орынбасары


Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
М.Ерниязов

2020-жыл 13-январь

Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз