Telegram karinform

Мәденият

  • 15.01.2020 11:01
  • 1898

Нөкис қаласында 100 орынлық опера мектеп-интернаты қурылады – Қарар жойбары

Нөкис қаласында 100 орынлық опера мектеп-интернаты қурылады – Қарар жойбары
Қарақалпақстан Республикасында Опера өнерине қәнигелестирилген 100 орынлық мектеп-интернаты қурылады. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Опера өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернат шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарар жойбарында атап өтилген, деп хабар берди ӨзА.

Ҳүжжет тийкарында Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Өзбекстан композиторлары аўқамының:
- Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында опера өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернат шөлкемлестириў;
- Мектеп-интернат ушын имаратлар ҳәм объектлерди, соның ишинде, 100 орынлық 2 оқыў имараты, 50 орынлық жатақхана ҳәм асхана имаратын қурыў бойынша усынысы мақулланады.

Төмендегилер мектеп-интернатының тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленеди:
- оқыўшыларды опера атқарыўшылығы бағдарында оқытыўдың заманагөй алдынғы педагогикалық усылларынан кең пайдаланыў, оқыў процесине жаңа мәлимлеме-педагогикалық технологияларды енгизиў;
- оқыўшылардың жоқары дәрежеде сапалы билим алыўын тәмийинлейтуғын мәмлекетлик талаплар шеңберинде қәнигелестирилген оқыў бағдарламаларын әмелге асырыў;
- опера өнери бойынша билим ҳәм көнликпелер, тарийхый ҳәм миллий дәстүрлерди пуқта ийелеген жас кадрларды таярлаў;
- билимлендириў процесине заманагөй педагогикалық ҳәм инновациялық технологияларды, мәденият ҳәм көркем өнер тараўында илимий тийкарда ерисилген алдынғы табысларды енгизиў.

Атап өтилиўинше, мектеп-интернат Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги системасындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген билимлендириў мәкемеси болып есапланады, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ғазнашылық бөлиминде жеке ғазна есап-бетине, Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гербиниң сүўрети түсирилген ҳәм өз атамасы жазылған мөрге, штампқа, бланкаларға ийе болады.

2021-2022-оқыў жылында мектеп-интернаттың 8- ҳәм 9-классларына, 2022-2023-оқыў жылынан баслап болса – 8-класына 25 оқыўшы таңлаў тийкарында қабыл етиледи.
Өзбекстан Республикасы мәденият министрине мектеп-интернаттың материаллық-техникалық базасы, педагог кадрлардың потенциалы ҳәм талабынан келип шыға отырып кейинги жылларда оқыўшыларды қабыллаў квоталарына өзгерислер киргизиў ҳуқықы бериледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Уқсас жаңалықлар

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

Лаўазымлы шахслар тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын қабылламаў жуўапкершиликке себеп болады

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 43-статьясына бола, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын қабыллаў ҳәм көрип шығыўды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

        Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады. Тайванлы изертлеўшилер жақын аралықтағы еки

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

Жаңа изертлеў социаллық тармақлардың зыяны ҳаққындағы стереотипти бийкарлады

    Мәлим болыўынша, айырым жағдайларда социаллық тармақлар ҳәтте дыққатты жақсылаўға жәрдем бериўи мүмкин.         Австралияның Кертин университети