Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.01.2020 16:36
  • 1380

Қарақалпақстанда қайсы түрдеги жынаятлар көбейген?

Қарақалпақстанда қайсы түрдеги жынаятлар көбейген?
2018-жылға салыстырғанда өткен 2019-жылда Қарақалпақстан Республикасы бойынша көбейген жынаят түрлери төмендегише:
- жынысый еркинликке қарсы жынаятлар (намысқа тийиў) – 27 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 19 адам);
- басқыншылық жынаяты – 9 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 7 адам);
- нәшебентлик пенен байланыслы жынаятлар – 56 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 33 адам).
Бул жынаятлар тийкарынан Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Төрткүл, Елликқала районларында жүз берген.

Соның менен бирге, төмендеги жынаят түрлери 2018-жылға салыстырғанда азайған:
- қастан адам өлтириў – 8 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 13 адам);
- қастан денеге аўыр ҳәм орташа аўыр жарақат жеткериў – 43 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 69 адам);
- тонаўшылық – 3 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 7 адам);
- өзгениң мүлкин өзлестириў ямаса растрата жолы менен талан-тараж етиў – 52 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 80 адам);
- урлық – 136 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 253 адам);
- парахорлық пенен байланыслы жынаятлар – 42 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 46 адам);
- жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларын бузыў – 119 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 162 адам);
- бийзарылық – 33 адам тәрепинен әмелге асырылған (2018-жылда 64 адам).
Бул ҳаққында бүгин, 18-январь күни болып өткен баспасөз конференциясында ҚР жынаят ислери бойынша судының баслығы Г.Базарбаева мағлыўмат берди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстанда жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болады?

    «Өзгидромет» Қарақалпақстан Республикасында жаздың биринши күнинде ҳаўа райы қандай болыўы ҳаққында мағлыўмат берди.  Ҳаўа бираз

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы