Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.01.2020 17:19
  • 1348

Коррупция – раўажланыўдың тамырына балта уратуғын иллет

Ҳәр қандай раўажланыўдың тамырына балта уратуғын иллетлердиң бири коррупция болып есапланады. Елимизде усындай иллетлерге қарсы гүресиў, олардың алдын алыў мәселесине айырықша итибар қаратылып, бул бағдардағы нызамшылық базасы да жетилистирилмекте. Булар тийкарында пуқаралардың жуўапкершилиги де арттырылмақта.
Усындай илажлар алып барылыўына қарамастан, елимиздеги көпшилик тараўларда, соның ишинде, жоқары билимлендириў системасында коррупциялық жағдайлардың ушырасып турғаны бар ҳақыйқат.
Усы жылдың 18-январь күни Өзбекстан Республикасы бас прокуроры Н.Йўлдошев басшылығындағы Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Республикалық мәкемелер аралық комиссиясының кеңейтилген жыйналысында соңғы еки жылда билимлендириў тараўында улыўма 326 хызметкер коррупциялық жынаятлары ушын жуўапкершиликке тартылған болса, соның 106 сы жоқары билимлендириў системасына туўра келетуғынлығы атап өтилген еди. Сондай-ақ, «Жәмийетлик пикир» жәмийетшилик орайы тәрепинен 2018-жылда өткерилген сораўнамада қатнасқанлардың 29% и жоқары оқыў орынларында коррупция кең ен жайған деп көрсеткен болса, 2019-жылда бул көрсеткиш 35% ке тең болғаны тараўда еле де шешилиўи керек болған машқалалар баршылық екенлигин көрсетпекте.
Ҳәммемизге белгили, Президентимиздиң усы жылдың 24-январь күни Олий Мажлиси Сенаты ағзалары ҳәм Нызамшылық палатасының депутатларына жоллаған Мүрәжатында бул мәселеге айырықша итибар қаратылып, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жаңа система – коррупциялық жағдайлардың ерте алдын алыўға хызмет ететуғын, тиккелей парламент ҳәм Президентке бойсынатуғын өз алдына мәмлекетлик уйымды шөлкемлестириўди усыныс еткен еди.
Усылардан келип шыға отырып, бүгин, 25-январь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында тараўдағы машқалалардың алдын алыў, коррупциялық жағдайларға қарсы гүресиўдиң нәтийжели усылларын енгизиўге бағышланған кеңейтилген ушырасыў болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бөлими хызметкери А.Қурбанов, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң бөлим баслығы М.Альжанов, институт факультет деканлары, декан орынбасарлары, кафедра баслықлары, профессор-оқытыўшылар, студентлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Ушырасыўды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.
Илажда атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта жоқары оқыў орынларында коррупциялық жағдайлар тийкарынан студентлер қатарына қабыллаў, оқыў процесинде тапсырылатуғын ҳәр қыйлы тапсырмалар, студентлердиң питкериў қәнигелик жумысы ямаса магистрлик диссертациясын таярлаў ҳәм қорғаў, магистратураға қабыллаў, сондай-ақ, студентлердиң оқыў орнын көшириў, оқыў бағдарын өзгертиў және оқыўға қайта тиклеўде коррупциялық жағдайлар бақланбақта.
Бундай унамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў мақсетинде тиккелей Президентимиз басламасы менен барлық жоқары оқыў орынларында профессор-оқытыўшылардың мийнет ҳақы муғдарлары көбейтилди. Ҳәр бир оқыў жылы даўамында оқытыўшылар, студентлер, әсиресе, топар старосталары арасында үгит-нәсият ҳәм профилактикалық жумыслар алып барылмақта. Бул ҳәрекетлер азғана болса да өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетип атырғанына қарамастан, «бес бармақ бирдей болмайды» дегениндей, оқытыўшылар, студент-жаслар арасында коррупциялық жағдайлар ушырасып турады.
Илаж даўамында факультет деканлары, кафедра баслықлары, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар сөзге шығып, бундай иллетлердиң жоқары билимлендириў системасында ушырасып атырғаны кимди болса да терең ойланыўға шақыратуғынлығы, бундай ҳәрекетлер келешегимизге үлкен қәўип пайда етип атырғанын атап өтти. Системада коррупциялық жағдайларға қарсы гүресиў, алдын алыў бойынша унамлы нәтийжелерге ерисиў ушын өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.
Илаж өз ара пикир алмасыў ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.
Ушырасыў жуўмағында факультет деканлары, декан орынбасарлары, кафедра баслықлары, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлерге бундай унамсыз ҳәрекетлерди болдырмаў мақсетинде тапсырмалар берилди.
Коррупция – раўажланыўдың тамырына балта уратуғын иллет
Коррупция – раўажланыўдың тамырына балта уратуғын иллет
Коррупция – раўажланыўдың тамырына балта уратуғын иллет

Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.
Автордың түсирген фотосүўретлери.


Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Уқсас жаңалықлар

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Call-орайы иске түсти

        Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ўәкилликлерине киргизилген мәселелер бойынша физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатларын жедел түрде қабыл

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

    Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

Коррупция ҳаққында хабар берген шахслар хошаметленеди

    Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 31-декабрьдеги 829-санлы қарарына муўапық, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында Бас прокуратура, Мәмлекет қәўипсизлик