
Усы жылдың 21-январь күни Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жынаят излеў басқармасы ҳәм Төрткүл районлық ИИМ Жынаят излеў бөлиминиң оператив хызметкерлери тәрепинен Төрткүл районындағы «Отаюрт» АПЖ аймағында оператив илаж өткерилди. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ жанындағы Тергеў департаменти хабар берди.
Оператив илаж даўамында Өзбекстан Республикасында турақлы жасаў орнына ийе болмаған, Молдова Республикасының пуқарасы 27 жаслы П.К. «Отаюрт» АПЖ ҳәкимшилик имаратының мәжилислер залында жерге төселген гилем астына көп муғдардағы 25 дана «Tramadol Lannaxer 50 mg» дәрилик затларды жасырғаны анықланған ҳәм айғақлы зат ретинде рәсмийлестирип алынған.
Бул жағдай бойынша Төрткүл районлық ИИБ жанындағы Тергеў бөлими тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 276-статьясы 2-бөлими «а» бәнти менен жынаят иси ашылған. П.К. гүманланыўшы сыпатында жумыста қатнасыўға тартылған ҳәм процессуаллық тәртипте усланған.
Ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў ҳәрекетлери даўам еттирилмекте.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz