
Президент Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде (МҒКА) 29-январь күни администрация басшысы З.Низомиддинов басшылығында кеңейтилген мәжилис болып өтти, деп хабар берди МҒКА баспасөз хызмети.
Хабарда жазылыўынша, мәжилисте МҒКА директоры ўазыйпасын атқарыўшы Комил Алламжонов ҳәм директор орынбасары Саида Мирзиёева алдағы мийнет жолын мәмлекетлик емес секторда даўам еттириў жобалары менен байланыслы мүрәжатларын Президент Администрациясына жоллағаны ҳәм Президент Администрациясы тәрепинен усы мүрәжатлар көрип шығылып, қанаатландырылғаны ҳаққында жәрияланған.
Илаж шеңберинде МҒКА директоры ўазыйпасын атқарыўшы Комил Алламжонов ҳәм директор орынбасары Саида Мирзиёева алып барған жумыслары ҳаққында қысқаша есап берген.
Мәлим болыўынша, агентлик директорының биринши орынбасары лаўазымында ислеп келген Д.Саиджонов МҒКА директоры ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланған.
Еслетип өтемиз, К.Алламжонов ҳәм С.Мирзиёева Өзбекстанның ҒХҚ тараўындағы демократиялық реформаларын әмелге асырыўда, журналист ҳәм блогерлердиң ҳуқықларын қорғаўда, мәмлекетлик уйымлардың масс-медиа менен өз ара қатнасықларындағы нәтийжелиликти арттырыўда түпкиликли бурылыс жасаған жумысларды әмелге асырды.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz