Telegram karinform

Жәмийет

  • 31.01.2020 17:55
  • 1801

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги пуқараларды Қубла Кореяға жумысқа жибереди (+қойылатуғын талаплар)

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги пуқараларды Қубла Кореяға жумысқа жибереди (+қойылатуғын талаплар)
Қубла Корея Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет министрлиги менен Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги арасындағы Бәнтликке рухсат бериў системасы тийкарында Өзбекстан пуқараларын Қубла Корея Республикасы аймағында жумысқа орналастырыў бойынша Бирге ислесиў меморандумы шеңберинде жерлеслеримиз усы мәмлекетте мийнет етиўи мүмкин, деп жазбақта «Sof.uz» сайты.
Пуқаралар Кореяға жумысқа кетиўи ушын Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Сыртқы мийнет миграциясы агентлигине мүрәжат етиўи керек.

Пуқараларға қойылатуғын тийкарғы талаплар:


- Өзбекстан Республикасының пуқарасы болыўы;
- Талабанның жасы 18 жастан 39 жасқа шекем болыўы;
- Кореец тилин билиўи;
- Судланбаған ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағынан шығыўға рухсаты (сырт елге шығыў паспорты) болыўы;
- Корея Республикасы аймағында болыў ҳәм басқа нызамларды бузбаған болыўы;
- Денсаўлығы жақсы ҳәм рең ажырата алмаў кеселлиги (дальтонизм) болмаўы;
- Корея Республикасында 5 жылдан артық мүддет даўамында ислемеген болыўы керек.

Еслетип өтемиз, пуқараларды Корея Республикасына жумысқа жибериў (Е-9 жумысшы виза) ҳуқықына ийе бирден-бир шөлкем Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги болып табылады, жеке меншик бәнтлик агентликлериниң буған ҳеш қандай ўәкиллиги жоқ.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Уқсас жаңалықлар

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында