Telegram karinform

Жәмийет

  • 08.02.2020 19:14
  • 2091

Грант тийкарында «беслик» ҳәм «төртлик» стипендияға оқып атырғанларға қайтарып төленетуғын бес айлық стипендия муғдары анық болды

Грант тийкарында «беслик» ҳәм «төртлик» стипендияға оқып атырғанларға қайтарып төленетуғын бес айлық стипендия муғдары анық болды
Кеше, 7-февраль күни Министрлер Кабинетиниң 31-январьдағы қабыл етилген «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлерине төленетуғын стипендиялар муғдарларын белгилеў және стипендиялар тайынлаў ҳәм төлеў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына бағышланған баспасөз конференциясы болып өтти.
«Дарё» басылымының мәлим етиўинше, мәмлекетлик грант тийкарында оқып атырған ҳәм өткен семестрди «бес» ҳәм «төрт» баҳасына жуўмақлаған студентлердиң стипендиясындағы кемис төленген сумманы қайтарыў тәртибине Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары С.Бузрукхонов тәрепинен анықлық киргизилген.
«Министрлер Кабинетиниң усы қарарына муўапық, мәмлекетлик грант тийкарында оқып, өткен семестрди «4» ҳәм «5» баҳасына жуўмақлап, 400 мың сум ҳәм 460 мың сум стипендия алған студентлерге мәмлекетлик бюджет есабынан бес айлық, яғный сентябрь-январь айларындағы қалған стипендия пулы қайтарып бериледи.
Усы орында сораў туўылыўы мүмкин: оларға ҳәр ай ушын қанша муғдарда қаржы қайтарылады? Ҳәммемизге мәлим, алдынғы стипендия тайынлаў тәртиби бойынша бюджетте оқып атырған «беслик»лер ҳәр айда 752 мың сум стипендия алатуғын еди. Оларға тәжирийбе-сынаў тәризинде жолға қойылған тәртип пенен болса 2019-жыл сентябрь-январь айларында 460 мың сумнан төленди. Есап бойынша мәмлекет оларға және ҳәр бир ай ушын 292 мың 300 сумнан стипендия бериўи керек. Демек, мәмлекетлик грант тийкарында «5» баҳасына оқып атырғанлар өткен бес ай ушын улыўма 1 миллион 461 мың 600 сум қосымша стипендия алады.
Алдынғы тәртипте «4» баҳасына оқыған бюджеттеги студентлерге айына 564 мың 200 сумнан стипендия берилетуғын еди. Оларға өткен бес ай ишинде 400 мың сумнан стипендия төленди. Енди биз оларға ҳәр бир айға 164 мың 200 сумнан улыўма 821 мың 200 сум қалған стипендияны қайтарамыз.
Бюджеттеги «үшлик» стипендия алыўшы студентлерге алдын 376 мың 200 сумнан стипендия тайынланатуғын еди. Сентярь-январь айларында оларға да 400 мың сумнан стипендия берилди. Есаплап қарасақ, «3» баҳасындағы стипендия алыўшылар ҳәр бир ай ушын 23 мың 800 сум, бес айға улыўма 119 мың сум қарыз болып қалатуғын еди. Бирақ, олар буны мәмлекетке қайтармайды, өзинде қалады.
Стипендиялардағы усы парқлы суммалар узағы менен 15-февральға шекем төлеп бериледи», - деп айтып өткен министр орынбасары Сарвар Бузрукхонов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

Қытайда дүньядағы биринши жасалма интеллект емлеўханасы ашылады

        Пекиндеги Синхуа университети толық жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын биринши «Агент емлеўханасы»н шөлкемлестирди. Онда 14 виртуал