Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.02.2020 17:46
  • 957

Мектеп питкериўшилерине транспорт басқарыў гүўалығы берилиўи мүмкин

Мектеп питкериўшилерине транспорт басқарыў гүўалығы берилиўи мүмкин
Хабар етилгениндей, «2017–2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманының жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды, деп жазды Қарақалпақстан хабар агентлиги.
Жойбарда Жол ҳәрекетиниң барлық қатнасыўшыларының ҳуқықый мәдениятын ҳәм маманлығын арттырыў бойынша Министрлер Кабинетиниң қарары жойбары ислеп шығылатуғыны белгиленген.
Жойбарда:
• улыўма орта билим бериў мәкемелери оқыў бағдарламасына мәжбүрий тәртипте жол ҳәрекетлери қағыйдалары бойынша сабақларды киргизиў ҳәм әмелий сабақлар өтиў (10-11-класста);
• улыўма орта билим бериў мәкемелеринде жол ҳәрекетлери қағыйдалары бойынша имтихан өткериў ҳәм нәтийжелери бойынша сертификат бериў;
• улыўма орта билим бериў мәкемелерин питкерген ҳәм имтиханнан өткен адамларға транспорт басқарыў гүўалығын бериў тәртибин енгизиў нәзерде тутылады.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...