Telegram karinform

Жәмийет

  • 13.02.2020 12:14
  • 859

Қарақалпақстанда «My garden in the Aral Sea» агро ҳәм экотуризм жойбары әмелге асырылады

Қарақалпақстанда «My garden in the Aral Sea» агро ҳәм экотуризм жойбары әмелге асырылады
«Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Арал бойы халықаралық инновациялық орайы жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.
Қарарға муўапық, Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлерин сапластырыў және туристлер санын арттырыўға бағдарланған «My garden in the Aral Sea» («Арал теңизиндеги бағым») агро ҳәм экотуризм жойбары әмелге асырылады.
Халықаралық инновациялық орайдың зәрүрликлеринен келип шығып, тәжирийбе-сынаў майданларын шөлкемлестириў мақсетинде Қарақалпақстан аймағындағы резервтеги жер майданлары, Арал теңизиниң қурыған ултанындағы аймақтан және Арал бойы аймағындағы тоғаў қоры жерлеринен жер майданлары ажыратылады.
Нөкис қалалық Орайлық базарынан Нөкис районындағы Халықаралық инновациялық орай аймағына шекемги болған жөнелисте турақлы түрде жәмийетлик транспорт қатнаўы шөлкемлестириледи.
Мағлыўмат ушын, Халықаралық инновациялық орай тәрепинен «Мойнақ» ҳәм «Саманбай» тәжирийбе-сынаў майданлары шөлкемлестирилген, сондай-ақ, шорланыў ҳәм шөлге шыдамлы шөл ҳәм декоратив өсимликлер генофондын қәлиплестирип, 13 түрдеги өсимлик дүньясы объектлери сынаўдан өткерилмекте.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...