Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.02.2020 15:51
  • 1829

Өзбекстан Ишки ислер министри Қарақалпақстанда тараўдағы бир неше басшы хызметкерлерди жумыстан босатты

Өзбекстан Ишки ислер министри Қарақалпақстанда тараўдағы бир неше басшы хызметкерлерди жумыстан босатты
Өзбекстан Ишки ислер министри басшылығындағы жумысшы топар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында өткерилген үйрениўлердиң жуўмағы бойынша кеңейтилген жыйналыс болып өтти. Бул ҳаққында ИИМ мәлимлеме хызмети хабар берди.
Хабарда жазылыўынша, жыйналысқа ӨзР Ишки ислер министри, генерал-лейтенант П.Бобожонов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев, республика қала-район секторларының басшылары, соның ишинде, ишки ислер, прокуратура, салық, сондай-ақ, жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ушын жуўапкер болған барлық мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң баслықлары қатнасты.
Жыйналыста баслы итибар 2019-жыл даўамында ҳәм усы жылдың өткен дәўиринде Қарақалпақстан Республикасында жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықларды ерте анықлаў бойынша биргеликте исленип атырған илажлардың нәтийжелилигине қаратылып, халықтың тынышлығы ҳәм парахатшылығын тәмийинлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың мүлклерин исенимли қорғаў, жаслар қатнасыўындағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар және жол қойылған кемшиликлер сын көзқарастан анализленди.
Жыйналыс даўамында өз хызмет ўазыйпаларын атқарыўда кемшиликлерге жол қойған ҳәм хызмет ўазыйпасын тийисли дәрежеде орынламағаны ушын Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасының баслығы Р.Ешимбетов, Пробациялық бөлим баслығы П.Сейтмуратов ҳәм Жол-патруль хызмети отряды командириниң орынбасары А.Машарипов және Қанлыкөл районлық ИИБ баслығы М.Хожамуратов, Төрткүл районлық ИИБ баслығының жаслар мәселелери бойынша орынбасары Б.Мансуров, Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы баслығының орынбасары Б.Исаков, Нөкис қалалық 4-санлы ИИБ баслығы М.Утемуратов, Қоңырат районлық ИИБ Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлими аға инспекторы Р.Қаландаровлар ийелеп турған ўазыйпаларынан босатылды.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги әскерий мобилизациялық бөлими баслығы Д.Таджимов, Нөкис қалалық Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасы баслығы Х.Очилов, Қанлыкөл районлық ИИБ баслығының жаслар мәселелери бойынша орынбасары А.Палўанов, Хожели районлық ИИБ баслығының жаслар мәселелери бойынша орынбасары О.Нураддинов, Хожели районлық ИИБ жанындағы Тергеў бөлимшесиниң баслығы А.Сариевтиң ҳәр бирине интизамлы жаза шаралары қолланылды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...