Telegram karinform

Спорт

  • 17.02.2020 14:03
  • 1709

Алжирде өткерилген қылышпазлық бойынша жәҳән кубогында қарақалпақстанлы спортшы қызлар 2-орынды ийеледи

Алжирде өткерилген қылышпазлық бойынша жәҳән кубогында қарақалпақстанлы спортшы қызлар 2-орынды ийеледи
Алжирде қылышпазлық бойынша жаслар арасында өткерилип атырған жәҳән кубогының гезектеги басқышы өткерилди. Қызлар арасында сабля жөнелиси бойынша болып өткен жарыста Өзбекстан сайланды командасының қурамында қатнасқан қарақалпақстанлы спортшылар Зайнаб Дайыбекова, Айсулыў Уснатдинова ҳәм Гүлбаныў Есемуратова өзлериниң жоқары спорт шеберлигин көрсетти.
Жерлеслеримиз жарыс даўамында Египетти 45:32, Италияны 45:43 есабында жеңип шыққан болса, финал басқышында оларға бираз әўмет жетиспеди ҳәм франциялы теңлеслерине 40:45 есабында жеңилди.
Солай етип, жерлеслеримиз жарыста гүмис медальды қолға киргизди.

Қылышпазлық бойынша жәҳән кубогы. Қызлар.
Жаслар, сабля.

1-орын Франция;
2-орын Өзбекстан;
3-орын Италия.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

1-июнь – Халық аралық балаларды қорғаў күни қашаннан баслап белгиленип келинбекте?

Ҳәр жылдың 1-июнь күни Халық аралық балаларды қорғаў күни сыпатында белгиленеди. Бул сәне 1949-жылы Парижде Халықаралық...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет