Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.02.2020 17:49
  • 1293

Жер планетасында усы күнге шекем қанша адам жасаған?

Жер планетасында усы күнге шекем қанша адам жасаған?
XXI әсирде дүнья халқының саны пүткил адамзат тарийхындағы халық санынан да өтип кетти, деген мазмундағы гәплерди көп еситемиз. 2019-жылдағы мағлыўматларға қарағанда, Жер планетасында улыўма 7,7 миллиард адам өмир сүрмекте.
Вашингтондағы Халық санын анықлайтуғын бюроның баслығы Карл Хаубтың мәлим етиўинше, Жер планетасы пайда болғанлы берли улыўма 100 миллиард адам өмир сүрген. Бул ҳәзирги халық санынан бир неше есеге көп.
Жердеги халық саны соңғы еки әсирдиң өзинде 7 миллиард адамға жетти. Илимпазлардың болжаўларына қарағанда, 2050-жылға шекем Жердеги халық саны 10 миллиард, ал 2100-жылға шекем 11 миллиардқа шекем жетиўи мүмкин. Туўылыў көрсеткишлери өткен әсирге салыстырғанда азайғаны менен, халық саны азаймады.
Изертлеўлерге қарағанда, Жер бетиндеги халық саны 1315-1317-жыллардан баслап жеделлик пенен көбейе баслаған. Сол ўақытларда дүньяда 370 миллион адам жасаған. 1980-жылы бир жылдағы ең көп адам дүньяға келген – 139 миллион. Ҳәзирги ўақытта орташа есапта бир жылда 135 миллион адам дүньяға келмекте.
Дүнья жүзиндеги халықтың 60 проценти Азия континентинде жасайды. Азияда 4,5 миллиард адам өмир сүрмекте. Екинши орынды Африка континенти ийелеп тур – 1 миллиард 300 миллион адам. Қалған 2 миллиардқа шамалас халық Европа ҳәм Америка, Австралияда, сондай-ақ, океанлардағы атаўларда жасайды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған