Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.02.2020 18:01
  • 1215

Нөкис дийқан базарында реконструкция жумыслары әмелге асырылады, буның ишинде «стоянка» да бар – ҳәкимлик

Нөкис дийқан базарында реконструкция жумыслары әмелге асырылады, буның ишинде «стоянка» да бар – ҳәкимлик
«@SizdanTelegram» каналында Нөкис дийқан базары жанындағы жөнелисли маршрутлар турар орнында, яғный, стоянкада жаўын жаўғаннан кейинги ҳаял-қызлар топланып қалған суўларды тазалап атырғаны ҳәм стоянканың жағдайы ҳаққында критикалық көзқарастағы видеоролик жәрияланып, кең жәмийетшилик тәрепинен түрлише пикирлер билдирилмекте. Базылар рахметлерин айтып, миннетдаршылық билдирип, қоллап-қуўатлап атырған болса, айрымлар сын пикирлерин билдирмекте, - деп жазбақта Нөкис қалалық ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети.

Бул жағдайды үйрениў бойынша Нөкис дийқан базары администрациясы менен байланысқанымызда төмендегилерди мәлим етип билдирди.

«Социаллық тармақларда жәрияланған көринистеги ҳаял-қызлар Нөкис дийқан базары жәмәәтинде жумыс ислейтуғын хызметкерлер. Ҳәр бир хызметкердиң өзлерине бекитилген жуўапкерли тапсырмалары болғанындай, бул хызметкерлер де өз ўазыйпаларын атқарған. Буның ҳеш қандай нызамға қайшы тәрепи жоқ. Жаўыннан кейинги топланып қалған суўларды тазалап, жөнелисли маршрутларға ҳәм де пуқараларға қолайлы имканият жаратып бериў қайта қоллап-қуўатлаўға турарлық ис емес пе?
Ал, автомашиналар турар орнына келсек, бул бойынша да тийисли жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, быйылғы 2020-жылда Нөкис дийқан базарында кең көлемли реконструкция жумысларын әмелге асырыў бойынша тийисли смета жойбар ҳүжжетлери исленип шығылмақта. Буның ишинде автомашиналар турар орнын да қайта ислеў нәзерде тутылған. Стоянка белгили дәрежеде бийиклетилип, қар, жаўыннан кейинги суўларды тартып кетиў мақсетинде астынан канализация тармағын тартыў илажлары белгиленген. Бул жумыслар толық әмелге асырылғаннан кейин, жоқарыдағыдай кеўилсиз жағдайлар қайталанбайды, әлбетте».

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы