Telegram karinform

Спорт

  • 20.02.2020 17:00
  • 1908

Қарақалпақстанлы палўан Жалғасбай Бердимуратов Ҳиндстанда өткерилген Азия чемпионатында бронза медалын қолға киргизди

Қарақалпақстанлы палўан Жалғасбай Бердимуратов Ҳиндстанда өткерилген Азия чемпионатында бронза медалын қолға киргизди
Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында 18-23-февраль күнлери аралығында спорт гүреслери бойынша Азия чемпионаты болып өтпекте.
Өзбекстан сайланды командасы қурамында - 82 кг салмақ категориясында қарақалпақстанлы палўан Жалғасбай Бердимуратов Азия чемпионатының бронза медалын қолға киргизди.
Бронза медаль ушын болып өткен беллесиўде жерлесимиз қазақстанлы Евгений Поливадовқа ҳеш қандай имканият қалдырмады.
Мағлыўмат ушын, өткерилип атырған Азия чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы улыўма 1 алтын, 2 гүмис ҳәм 3 бронза медалын қолға киргизип, командалық есапта Ираннан соң екинши орынды ийеледи.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

Өзбекстанның баспасөз еркинлиги рейтингиндеги орны өзгериссиз қалды

        Өзбекстан баспасөз еркинлиги индексинде дүньяның 180 мәмлекетиниң ишинде 148-орынды ийеледи. Республика 2024-жылғы рейтингде де усындай