Telegram karinform

Жәмийет

  • 11.03.2020 12:35
  • 1730

Нөкисте және ЖТҲ: «Matiz» басқарыўшысы қайтыс болды, бир неше жолаўшылар жарақат алды

Нөкисте және ЖТҲ: «Matiz» басқарыўшысы қайтыс болды, бир неше жолаўшылар жарақат алды
Бүгин, 11-март күни азанда пайтахтымыздағы А.Досназаров көшеси, «Ла Прима» рестораны алдындағы жолда «Matiz» ҳәм «Газель» жолаўшы тасыўшы автомобильлери арасында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Бул ҳаққында «Дежурная часть» каналы хабар берди.
Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, «Matiz» автомобили жолдың қарама-қарсы тәрепине өтип ҳәрекетлениўи ақыбетинде «Газель» менен соқлығысқан. Ўақыя ақыбетинде «Matiz» басқарыўшысы қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў ушын емлеўханаға жиберилген. Бирақ, алған жарақатлары ақыбетинде қайтыс болған.
«Газель»деги бир неше жолаўшылар ҳәр қыйлы дәрежедеги дене жарақатларын алған.
Хабарда жазылыўынша, ҳәзир ўақыя себеплерин анықластырыў жумыслары алып барылмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...