Telegram karinform

Жәмийет

  • 12.03.2020 11:32
  • 1709

Коронавирус рәсмий түрде пандемия деп жәрияланды

Коронавирус рәсмий түрде пандемия деп жәрияланды
Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми жаңа түрдеги коронавирустың тарқалыўын пандемия басқышына жетти, деп жәриялады. Ҳәзирги ўақытта вирус барлық континентлерге тарқалған, 110 нан аслам мәмлекетте вирус жуғыў жағдайы дизимге алынған.
«Жаңа түрдеги коронавирустың дүньяға тарқалыўы пандемиялық жағдайға келди», - деп айтып өткен Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң бас директоры Тердос Адханом Гебрейесус.
«Жақын күнлер ҳәм ҳәптелерде кеселликти жуқтырыў, өлимшилик жағдайлары ҳәм коронавирус дизимге алынған мәмлекетлердиң санының көбейиўин күтип атырмыз. Биз «COVID-19» пандемия сыпатында баҳаланыўы мүмкин деген жуўмаққа келдик.
Алдын ҳеш қашан коронавирус себепли пандемия жүз бериўине, сондай-ақ, қадағалаў мүмкин болған пандемияға да дус келмеген едик. 114 мәмлекетте дизимге алынған 118 мыңнан аслам жағдайдың 90 процентинен асламы тек ғана 4 мәмлекетте, олардың екеўинде – Қытай менен Қубла Кореяда наўқасланғанлар саны сезилерли дәрежеде азаймақта», - деп айтып өткен Тердос Адханом Гебрейесус.
Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми усы ўақытқа шекем «COVID-19» тарқалыўын эпидемия сыпатында баҳалаған еди.
Шөлкемниң терминологиясына муўапық, бир кеселлик күтилмегенде белгили бир мәмлекет ямаса аймақта кең тарқалса, эпидемия деп аталады. 2010-жылдан баслап шөлкем жуқпалы кеселликтиң пүткил дүнья бойлап тарқалыўын пандемия деп есаплай баслаған.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет