Telegram karinform

Жәмийет

  • 18.03.2020 11:48
  • 1194

Жаңалық: Жәрийманы өз ўақтында төлегенлерге жеңиллик бериледи

Жаңалық: Жәрийманы өз ўақтында төлегенлерге жеңиллик бериледи
Усы жылдың 17-март күни Президент тәрепинен қабыл етилген «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жәрийма белгилеў ҳаққындағы қарарды орынлаўдың әпиўайыластырылған тәртибин нәзерде тутатуғын статья қосылды.

Оған муўапық, ҳуқықбузыўшы оған жәрийма белгилеў ҳаққындағы қарар тапсырылған күннен баслап 15 күн ишинде жәрийма муғдарының 70 процентин ықтыярлы түрде төлеген жағдайда, ол жәрийманың қалған бөлегин төлеўден азат етиледи.

Әпиўайыластырылған тәртип төмендеги жағдайларда қолланылмайды:

- ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты әмелге асырғаны ушын суд тәрепинен жәриймаға тартылғанда;
- жәрийма белгилеў ҳаққындағы қарар бойынша шағым етилгенде ямаса протест билдирилгенде;
- усындай ҳуқықбузарлық ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан соң 1 жыл даўамында қайтадан әмелге асырылса.

Нызам рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

            2025-жыл 30-июньнен баслап, визасыз Россияға киретуғын сырт ел пуқаралары «Gosuslugi RUID» мобиль қосымшасында дизимнен өтип,

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған