Telegram karinform

Жәмийет

  • 24.03.2020 13:57
  • 1238

Жоқары билимлендириў мәкемелериндеги карантин есабынан жазғы дем алыс мүддети қысқарыўы мүмкин

Жоқары билимлендириў мәкемелериндеги карантин есабынан жазғы дем алыс мүддети қысқарыўы мүмкин
Карантин ўақтында берилген режеден тысқары дем алыс себепли студентлердиң жазғы дем алыс мүддети қысқарыўы мүмкин. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрдың орынбасары Узоқбой Бегимқулов мәлим етти.
«Карантин себеп жаздағы дем алыс мүддети қысқарыўы тәбийғый, оның мүддети карантин себепли берилген дем алыстың қанша ўақыт даўам етиўине байланыслы.
Ҳәзир гезектен тысқары дем алыс неше күнге созылыўына қарамастан, биз студентлерге аралықлы ҳәм еркин билим алыў арқалы оқыў бағдарламаларын өзлестириўине имканият жаратып берип атырмыз.
«Билимлендириў мәкемелериндеги дем алыс билимлендириў түрине қарамастан барлық студентлерге тийисли. Тек күндизги ямаса сыртқы билимлендириўдеги емес, ал қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўда оқып атырған ҳәм оқыўы зәрүр болғанларға да дем алыс тийисли.
Соның менен бирге, профессор-оқытыўшыларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў курсларында аралықлы билимлендириў толық енгизилген, сыртқы билимлендириў ушын да жетерли электрон ресурслар бар.
23-марттан баслап Ташкент қаласындағы Жоқары билимлендириў мәкемелириниң профессор-оқытыўшы ҳәм хызметкерлериниң көпшилик бөлеги белгиленген тәртипте мийнет дем алысына шығарылады, қалған хызметкерлердиң жумысы максимал дәрежеде аралықтан турып шөлкемлестириледи», – деди министрдиң орынбасары.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...