Telegram karinform

Жәмийет

  • 26.03.2020 16:00
  • 816

Инсанларға жәрдем бериў шегара ҳәм ўақыт таңламайды

Инсанларға жәрдем бериў шегара ҳәм ўақыт таңламайды

Коронавирус инфекциясы дүнья жүзиндеги көплеген мәмлекетлерге қәўип салып атырған бир ўақытта Орайлық Азия мәмлекетлери өз шегараларын карантинге жаўып атыр. Бул жағдайда инсанлардың бар дыққат итибары ден саўлыққа қаратылған. Бирақ, соны да умытпаў керек, бүгинги күни мийнет мигрантлары COVID-19 коронавирусы себепли ҳуқықый ҳәм юридикалық жәрдемлерсиз қалмаўы керек. Әсиресе, қоңсы Қазақстан Республикасында жумыс ислеп атырған жерлеслеримиз. Мәжбүрий мийнетке, өз еркине қарсы жумыс ислеўге, өз мийнет ҳақыларын ала алмай атырған ҳәм басқа да ҳуқықый жәрдемге мүтәж инсанлар ушын онлайн жәрдем бериў системасы ислеп тур. «Истиқболли авлод» Республикалық социаллық-информациялық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими Нур-Султан, Алматы ҳәм Ақтаўда жайласқан бир неше шөлкемлер менен байланысқан ҳалда мийнет мигрантларына ҳуқықый ҳәм юридикалық жәрдем бериўин даўам етпекте. Олардың байланыс мәнзиллерин келтиремиз, бул арқалы егер сизиң шаңарағыңыздан, ағайинлериңиз яки жақын досларыңыз Қазақстанда мийнет ислеўге кеткен болып оларға қандай да бир жәрдем керек болса усы мәнзиллерге хабарласыўы мүмкинлигин билдирмекшимиз.

Қазақстан Республикасындағы Өзбекстан елшиханасы

Мәнзил: 010000, Қазақстан Республикасы, Нур-Султан қаласы, Комсомольский көшеси Лейли-Межнун киши жолы 7-жай.
E-mail: kz.uzembassy@mfa.uz
Телефон: (7172) 95-42-52
Консуллық бөлим: +7(7172) 95-45-87



Алматы қаласындағы Өзбекстан Бас консуллығы

Мәнзил: 050060, Қазақстан Республикасы, Алматы қаласы Жароков көшеси 360-жай (Аль-Фараби кесилиспеси)
Телефон: 8(727) 390-26-16
E-mail: kz.uzconsulate@mfa.uz

Ақтаў қаласындағы Өзбекстан Бас консуллығы

Мәнзил: Актаў қаласы, 30-киши район, 83/1-коттедж
Телефон: 8 (729) 277-71-17
E-mail: : kz.uzbekconsul@gmail.com

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң исеним телефоны: (+998 71) 233-28-28.

Бул шөлкемлер менен «Истиқболли авлод» Республикалық социаллық-информациялық орайы байланысқан болып, орай тәрепинен ҳәр бир адамға бийпул түрде, адам саўдасы ҳәм зорлықтың басқа түрлерине қарсы гүресиў бойынша адвокатлық ҳәм ҳуқықый жәрдем, социаллық-экономикалық хызмет көрсетиў жолға қойылған.
«Истиқболли авлод» Республика социаллық информациялық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң исеним телефон номери +998956059494. Бул номерлер WhatsApp ҳәм Телеграм социаллық тармағына жалғанған.

«Истиқболли авлод» Республика социаллық информациялық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

Google ҳәм Амазон логотиплери жаңаланды

        12-май күни Американың IT гигантлары Google ҳәм Амазон өзиниң логотиплерин көп жыллар даўамында биринши мәрте

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...