Telegram karinform

Жәмийет

  • 27.03.2020 11:22
  • 1170

Нөкисте картошка ҳәм пияз өнимлерин қымбат баҳаларда сатқан «исбилермен» анықланды

Нөкисте картошка ҳәм пияз өнимлерин қымбат баҳаларда сатқан «исбилермен» анықланды
Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясының «Исеним телефоны»на пайтахтымыздағы «Көтере саўда орайы»нда картошка ҳәм пияз өнимлериниң қымбат баҳаларда сатылып атырғаны ҳаққында мүрәжат келип түсти. Бул ҳаққында ҚР Мәмлекетлик салық басқармасының мәлимлеме хызмети хабар берди.
Инспекция қәнигелери мүрәжат тийкарында саўда орайына барып жағдайды үйренгенинде, «исбилермен»ниң картошка баҳасын 4700 сум, пиязды 2800 сумнан, соның менен бирге, мәмлекетлик сынаў ҳәм сертификатластырыў орайынан тексериўден өткерилмеген өлшеў тәрезиси арқалы өнимлерди өлшеп, сатып атырғаны анықланды.
Алып барылған мониторинг даўамында бул «исбилермен»ге тийисли улыўма баҳасы 1 миллион 981,4 мың сумлық 174 кг картошка ҳәм 362 кг пияз өнимлери жумыслар нызамлы түрде өз шешимин тапқанған шекем ўақытша сақлаў ушын рәсмийлестирилип алынды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди

    Өзбекстанда Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Өзбекстанда жетекши исбилермен ҳаяллардан ибарат Исбилермен ҳаял-қызлар кеңеси шөлкемлестирилди. Бул