Telegram karinform

Жәмийет

  • 01.04.2020 16:56
  • 1711

Мәмлекетлик инспекция баслығы Өзбекстанда карантин қашан жуўмақланыўы ҳаққындағы сораўға жуўап берди

Мәмлекетлик инспекция баслығы Өзбекстанда карантин қашан жуўмақланыўы ҳаққындағы сораўға жуўап берди
Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде болып өткен брифингде Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баслығы Нурмат Отабеков республикада басланған карантин қашан жуўмақланыўы ҳаққында берилген сораўға төмендегише жуўап берди:
«Карантин ақырғы анықланған наўқас емлеўханаға жатқарылғаннан (изоляцияланғаннан) соң 14 күн өткеннен кейин онда ҳәм басқа адамларда наўқасланыў белгилери анықланбаған жағдайға толық исеним пайда еткеннен кейин карантинди бийкар етиў мәселеси көрип шығылады».

Сондай-ақ, ол коронавирус инфекциясына гүман етилген наўқасларды көриў ушын ағайинлери емлеўханаға барыўы мүмкин бе, деген сораўға былай жуўап берди:
«Мүмкин емес. Бул шеклеўлер коронавирус инфекциясын тарқалыўының алдын алыў ушын белгиленген».
Бул ҳаққында «Koronavirus Info» каналы мәлим етти.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...