Telegram karinform

Жәмийет

  • 07.04.2020 10:11
  • 1807

ДСМ: Коронавирус инфекциясына шалынған қарақалпақстанлы адамлар саны 11 ге жетти

ДСМ: Коронавирус инфекциясына шалынған қарақалпақстанлы адамлар саны 11 ге жетти
Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, 2020-жылдың 6-апрель күни саат 12:00 деги мағлыўматларға қарағанда, Өзбекстанның аймақлар кесиминде коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жағдайлары төмендегише болған:

1) Қарақалпақстан Республикасы – 11 адам;
2) Әндижан ўәлаяты – 71 адам;
3) Бухара ўәлаяты – 8 адам;
4) Жиззақ ўәлаяты – 2 адам;
5) Қашқадәрья ўәлаяты – 17 адам;
6) Наўайы ўәлаяты – 5 адам;
7) Наманган ўәлаяты – 42 адам;
8) Самарқанд ўәлаяты – 21 адам;
9) Сурхандәрья ўәлаяты – 5 адам;
10) Сырдәрья ўәлаяты – 4 адам;
11) Ташкент ўәлаяты – 29 адам;
12) Ферғана ўәлаяты – 24 адам;
13) Хорезм ўәлаяты – 4 адам;
14) Ташкент қаласы – 147 адам.

Бул кестеде аймақлар кесиминде кеселлениў жағдайлары пуқаралардың турақлы жасаў мәнзиллери бойынша көрсетилген.

ӨзР Денсаўлықты сақлаў министри А.Шадмановтың билдириўинше, ҳәзирги ўақытта пуқараларымыз тәрепинен коронавирус инфекциясы менен байланыслы түсиндириў жумыслары ҳәм оның тарқалыўының алдын алыўға бағдарланған бир қатар илажларға қарамастан өзлериниң және әтираптағылардың денсаўлығына жуўапкершиликсиз қатнаста болыў жағдайлары ушыраспақта. Ақыбетинде наўқасланған бир адамның бир неше адамларды зыянлаў жағдайлары бақланбақта.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәзирги ўақытта халқымыздың денсаўлығы ҳәм эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў мақсетинде күни-түни хызмет етпекте.

Соның менен бирге, ӨзР Денсаўлықты сақлаў министри А.Шадманов кеселликке шалынған бир наўқастың жуўапкерсизлиги ақыбетинде 52 адам менен жақын байланыста болғанлығын атап өткен.

Атап өтиў орынлы, Денсаўлықты сақлаў министрлиги коронавирус кеселлиги тарқалыўының алдын алыў мақсетинде барлық илажларды көрмекте, сондай-ақ, эпидемиологиялық тынышлықты тәмийинлеў мақсетинде пуқаралардан көрилип атырған карантин илажлары және шеклеўлерге әмел етиўин және бир мәрте сорап қалады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

️2025-жылдан Россияға кирип атырған сырт ел пуқаралары ушын QR-код талап етиледи

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

Германияда адамларды келешекте тирилтиў ушын музлатыў жолға қойылды

        Германияда адамлар өлгеннен кейин келешекте қайта тирилиўи ушын денелерин ўақтынша музлатып қойыў хызмети иске түсти.

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған