Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.04.2020 12:03
  • 1512

Ишки ислер министрлиги ескертеди!

Ишки ислер министрлиги ескертеди!
Ҳәзирги ўақытта басқа мәмлекетлер аймағында карантин жәрияланғанынан пайдаланып, алдаўшылар тәрепинен жалған SMS-хабарлар жибериў арқалы электрон қаржыларды өзлестириўге ҳәрекет етип атырғанлар бақланбақта.

Ишки ислер министрлигиниң мәлим етиўинше, республикамызда да карантин жәрияланғанлығы ҳәм «өзин-өзи жекелеў» тәртибине өтилгени себепли пуқаралардың үйинде отырғанынан, сондай-ақ, адамларда коронавирус пандемиясы себепли ҳаўлығыў жағдайы күшли екенлигинен пайдаланыўға ҳәрекет етиў, хабарлар арқалы адамларды алдап, олардың электрон есабындағы қаржыларды өзлестириўге ҳәрекет етиў жағдайлары бақланыўы мүмкин.

Мәселен, алдаўшылар тәрепинен белгили бир сәне ямаса гео-орналасыў ноқаты координаталарын көрсеткен ҳалда, «Сиз карантин қағыйдасын буздыңыз, енди Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 54-статьясына муўапық, базалық есаплаў муғдарының бес есесине шекемги муғдарда жәрийма төлейсиз» деген мазмундағы жәрийманы үйде отырып төлеўге де болатуғынлығын билдирип, төлеў ушын карта номери көрсетилген SMS-хабар жиберилиўи мүмкин.

«Ўзкомназорат» мәмлекетлик инспекциясы пуқараларды усы сыяқлы жалған хабарларға алданып қалмаўға, SMS-хабарлар, телефон қоңыраўларын қабыл еткенде ҳеш қашан электрон есаптағы қаржылар ямаса ҳәр қыйлы қупыя кодлар ҳаққында танымаған, билмеген адамларға мағлыўмат бермеў және усы сыяқлы жағдайлар бақланғанда хабарларды басқаларға жибериў емес, керисинше, өширип таслаў кереклиги, сондай-ақ, бул ҳаққында Ишки ислер уйымларының 102 оператив тармағына хабар бериў кереклиги усыныс етилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

Өзбекстан ең тыныш мәмлекетлер рейтингинде 60-орынды ийеледи

        Экономика ҳәм тынышлық институты тәрепинен жәрияланған жыллық Global Peace Index  (GPI) рейтингинде Өзбекстан 163 мәмлекет