Франциялы илимпазлар «COVID-19»дың 92 градус ыссылықта 15 минут даўамында қыздырыў нәтийжесинде набыт болыўын мәлим еткен еди. Бирақ, бәрқулла да усындай градус ыссылықта қыздырыўдың имканы болмайды. Россиялы вирусолог Анатолий Алштейн франциялы кәсиплеслериниң тәжирийбесине тоқтала отырып, вирусты өлтириўдиң басқа усыллары бар екенлиги ҳаққында айтып өтти. Бул ҳаққында «Xabardor.uz» сайты
хабар берди.
- Қайнаған суў ең жақсы қурал. Биз аўқат писириў ўақтында ол 100 градустан аслам ыссылықта қызыйды. Сондай-ақ, бул вирус кир жуўыўда қолланылатуғын затлар менен кир жуўғанда да набыт болады. Бунда суўдың температурасы жоқары болыўы шәрт емес, - деген вирусолог илимпаз.
Илимпаз кир жуўыўдағы суўдың температурасы вирусты өлтириўде нәтийже бермей қалыўы да мүмкинлигин айтпақта. Егер оған кир жуўғанда пайдаланылатуғын затлар қосылса, ол вирусты күшсизлендиреди. Бундай реагенлер вирустың липид қабатына өлтириўши тәсир етип, оны бөлеклеп жибереди екен. Сонлықтан, кир машинасында вирустың жасап қалыўына ҳеш қандай имканият жоқ.
Вирусолог мийўе-овощларды жеўден алдын суўда жақсылап жуўыў кереклигин айтып өтти.
- Вирусты, әлбетте, узақ ўақыт даўамында жоқары температурада қыздырса, набыт болады. Вирустың тәсир етиўи оның дозасына байланыслы. Мәселен, тарелкаңыз вирусқа толып атырған болса, сиз оны жуўып, вируслардан 100 процент тазалай алмаған болсаңыз да, вирус дозасы азайған болады. Аз муғдардағы доза кимдидур зыянлай алыўы мүмкин емес, - деп қосымша еткен илимпаз.
Ислам Матеков.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz