Telegram karinform

Жәмийет

  • 21.04.2020 14:13
  • 827

Мектеплерде «Орфография ҳәм пунктуация» пәнин енгизиў усыныс етилди

Мектеплерде «Орфография ҳәм пунктуация» пәнин енгизиў усыныс етилди
«Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында улыўма орта билим беретуғын мектеплерде «Орфография ҳәм пунктуация» пәнин енгизиў ҳаққында усыныс жәрияланды.
Мүрәжат авторының жазыўынша, тил – миллет айнасы. Әлбетте, ҳәр бир миллеттиң дүньяда бар екенлигин көрсететуғын тийкарғы қуралларының бири де тил болып есапланады. Әдебий тилге ҳүрмет болса оны дурыс жазыўдан басланады. Көпшилик болса ҳәзирге шекем айырым сөзлерди қәте жазады ҳәм бул жағдай жәмийеттиң барлық қатламларында қәлиплескен. Не ушын булай болған? Себеби, усы ўақытқа шекем мектеплерде дурыс жазыўды үйрететуғын арнаўлы пән болмаған. Ана тили ше? деўиңиз мүмкин. Бир ғана ана тили пәни арқалы дурыс жазыў көнликпесин ийелей алмаймыз. Усы пәнди билимлендириўдиң тийкарғы басқышы болған улыўма орта билим бериў системасына енгизсек, саўатсызлықтың алдын алған боламыз, - деп жазған мүрәжат авторы.
Мүрәжат тийисли уйымлар тәрепинен көрип шығылыўы ушын 10 мың даўыс топлаўы керек болып, усы күнге шекем 67 адам даўыс берген.
Даўыс бериўдиң жуўмақланыўына 79 күн қалды.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

1-июньнан радарлар жол сызығын басқаны ушын жәрийма жазбайды

        Президент тапсырмасына бола, автомобиль жолларында ҳәрекетлениў тәртибин буннан былай да жетилистириў, айдаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

Айырым қазағстанлылар ушын ChatGPT'ден пайдаланыў қадаған етилди

        Қазақстанда мәмлекетлик хызметкерлерге ChatGPT жасалма интеллект системасынан хызмет мақсетлеринде пайдаланыў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Санлы