Telegram karinform

Жәмийет

  • 23.04.2020 11:52
  • 2559

Муратбай Нызанов үш бөлимнен ибарат «Қарақалпақлар» роман-эссесиниң биринши китабын баспаға тапсырды

Муратбай Нызанов үш бөлимнен ибарат «Қарақалпақлар» роман-эссесиниң биринши китабын баспаға тапсырды
21-апрель күни Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан жазыўшылар аўқамларының ағзасы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Муратбай Нызанов «Қарақалпақлар» атамасындағы роман-эссесиниң биринши китабын баспаға тапсырды.
- Бул халқымыздың тарийхы ҳаққындағы жаңа шығармам болып табылады. Өткен жылы Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы «Ижод» жәмийетлик қоры Қарақалпақстан бөлиминиң қоллап-қуўатлаўы менен Россия Федерациясының Мәмлекетлик архивлерине барып, шығарма ушын керекли болған ҳүжжетлерди үйренген едим. Тарийхый дәреклерде жазылыўынша, печенеглер қарақалпақлардың ата-бабалары болып есапланады. Бул қәўим XI-XIII әсирлерде жасап өткен, - дейди Муратбай Нызанов.
Жазыўшының атап өтиўинше, китаптың биринши бөлими сол дәўирлерден баслап Россия империясының Хийўа ханлығын басып алғанға шекемги болған дәўириндеги илимий ҳәм архивлик дәреклер тийкарында жазылған.
Шығарманың екинши, үшинши бөлимлеринде өткен әсирлердеги шайыр, бақсы, жыраўлар ҳаққында сөз етиледи.
Бир сөз бенен айтқанда, бул шығарма қарақалпақ халқының ХХ әсирге шекемги болған тарийхы, үрп-әдетлери, дәстүрлери, мәденияты, халық дөретиўшилигиниң үлгилери ҳаққында сөз етеди.
- Биринши бөлим, қуда қәлесе, тез арада китап болып шығады. Ҳәзирги ўақытта роман-эссениң екинши китабын жазыўға таярлық көрип атырман, - дейди жазыўшы Муратбай Нызанов.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Уқсас жаңалықлар

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

    Жылдың ең әхмийетли ойлап табылыўлары қатарынан кирпикти өсиретуғын технология, еки марте бүкленетуғын Huawei смартфоны, «Онлайн-неке»

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?

    Соңғы жылларда көпшилик адамлар социаллық тармақлардан жийи пайдаланбақта. 2024-жылдың январь айындағы мағлыўматларға муўапық, дүня жүзинде

Ҳаўаның патасланыўы қантлы диабеттиң келип шығыў қәўпин арттырады

Ҳаўаның патасланыўы қантлы диабеттиң келип шығыў қәўпин арттырады

    Алымлар экологиялық жақтан қолайсыз аймақларда жасаўшы адамларда қантлы диабеттиң екинши түриниң раўажланыў қәўпи артыўын анықлады.