Telegram karinform

Жәмийет

  • 28.11.2017 22:12
  • 2058

ҚМУда ана тилине арналып өткерилген төрт таңлаўдың жеңимпазлары анықланды



Бердақ атындағы Қаракалпақ мәмлекетлик университетинде 1-декабрь қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күнине арналған «Ана тилим – дана тилим!» атамасындағы ҳәптелик өткерилип атыр. Бул ҳәптеликтиң мақсети университет студентлери арасында қарақалпақ тил байлығын жетилистириў, ой-өрисин өсириў, еркин пикир айтыў уқыплылығын раўажландырыў, ана тилимизге, халқымыздың миллий қәдириятларына муҳаббат сезимлерин арттырыўдан ибарат. Ҳәптелик даўамында ана тилимизге байланыслы түрли таңлаўлар шөлкемлестирилмекте. Мәселен, 27-ноябрь күни университетте «Терең ақыл керек сөзди дизбеге…» атамасындағы таңлаў өткерилди.



Бул таңлаў қатнасыўшыларының баслаўшылық қәбилетлери, сөйлеў мәденияты, сахнада өзин услап тутыў шеберлиги, қарақалпақ тилине қоса басқа тиллерди де билиўи, көркем оқыў шеберлиги баҳаланды. Таңлаў шәртлерине муўапық, ҳәр бир қатнасыўшы өзлери қәлеген байрам ямаса әдебий кешениң баслаўшылары болып, 3-5 минут даўамында баслаўшылық қәбилетлерин сыннан өткерди.



Ал, 28-ноябрь күни «Анам яңлы қәдирдан» атамасындағы таңлаўдың қатнасыўшылары ана тилине арнап дөреткен қосықларын оқып берди.
«Ана тилим мақтанышым» атамасындағы ана тилине арнап жазылған қосықларды қатнасыўшылар ядтан көркемлеп анық айта билиў таңлаўы да өткерилди.



Буннан тысқары, «Нақылларын шағып көрсем мағыздан» атамасындағы таңлаў қатнасыўшыларының қаншелли көп нақыл-мақаллар билиўи ҳәм ядтта сақлай алыў қәбилети баҳаланды. Таңлаў жуўмағында жеңимпазлар анықланды. Олар 1-орын жеңимпазы қарақалпақ филологиясы факультетиниң 3-курс студенти Идаев Мират, 2-орын жеңимпазы қарақалпақ филологиясы факультетиниң 1-курс студенти Оразбаева Мийригүл, 3-орын жеңимпазы қарақалпақ филологиясы факультетиниң 2-курс студенти Балтабаева Наргиза.





Таңлаўлардың жеңимпазлары университеттиң тил байрамына арнап өткерилетуғын байрам кешеси күни сыйлықланады.

Сахибжамал Есемуратова
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилген Арал мәденияты саммити: мәденият, көркем өнер ҳәм климат мәселелери бир сахнада

    2025-жыл 4-6-апрель күнлери Қарақалпақстан Республикасы тарийхый ўақыяға гүўа болды – биринши мәрте Арал мәденияты саммити

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

ChatGPT менен турақлы сөйлесиў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мәлим етилди

Психологлар жасалма интеллект пенен сөйлесиў, әсиресе, жасларға унамсыз тәсир етиўи мүмкинлигинен қәўетерленип атыр.  OpenAI ҳәм Массачусетс...