Telegram karinform

Жәмийет

  • 05.05.2020 17:42
  • 2151

Ибрайым Юсуповтың таңламалы шығармалары Ташкент қаласында өзбек тилинде баспадан шықты

Ибрайым Юсуповтың таңламалы шығармалары Ташкент қаласында өзбек тилинде баспадан шықты

5-май – Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың туўылған күни. Шайыр 1929-жылы Шымбай районындағы Азат аўылында дүньяға келген.
Ибрайым Юсуповтың поэзиялық шығармалары 1979-жылы «Раҳмат сенга, замоним», 1988-жылы «Қоратол», 2009-жылы «Менинг йигит вақтим, сенинг қиз вақтинг», 2015-жылы «Сўфитўрғай саломи» атамаларында өзбек тилинде китап болып баспадан шығарылған.
Ибрайым Юсуповтың бай дөретиўшилик мийрасы, поэзиялық дөретпелери өзбек китапқумарларына жақсы таныс ҳәм қәдирдан. Өткен жылы шайырдың туўылғанына 90 жыл толыў сәнеси елимизде кең түрде белгиленди.
Қарақалпақстан халық шайыры Рустам Мусурмонның хабар бериўинше, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының «Ижод» жәмийетлик қоры тәрепинен шайырдың таңламалы шығармалары өзбек тилинде баспадан шығарылды.
Бул китап шайыр дөретпелерин кең түрде қамтып алғанлығы ҳәм жаңа көркем аўдармалардан ибарат екенлиги менен де әҳмийетли болып табылады. Айрым қосықлар ҳәм дәстан биринши мәрте өзбек китапқумарларының нәзерине усынылған. Ибрайым Юсуповтың поэзиясы тәкирарланбас гөззаллығы ҳәм философиялық мазмуны менен туўысқан халықлар әдебиятында да өзиниң ажыралмас орнына ийе болмақта.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...