Telegram karinform

Жәмийет

  • 06.05.2020 12:12
  • 1619

Карантин шеклеўлери жумсартылмақта: Нелерге рухсат берилип, қайсы тараўларда шеклеўлер сақланып қалынады?

Карантин шеклеўлери жумсартылмақта: Нелерге рухсат берилип, қайсы тараўларда шеклеўлер сақланып қалынады?
5-май күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында видеоселектор жыйналысы болып өтти.
Жыйналыста мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Өзбекстанда карантин қағыйдаларын жумсартыў бойынша тапсырмалар берилди.

Атап өтилиўинше, өткен еки ҳәпте даўамында Өзбекстан бойынша 59 мың өндирислик кәрханалар қайтадан иске түсирилди. Ташкент қаласында 16 мыңнан аслам, Қарақалпақстан Республикасында 857 кәрхана өз жумысларын тикледи.

Эпидемиологиялық жағдай жақсы болған аймақларда:

- азық-аўқатлық емес дүканлар;
- медициналық диагностика;
- такси хызметлери;
- турақ жайларды оңлаў;
- тигиўшилик;
- турмыслық техника ҳәм аяқ-кийим оңлаў;
- шаштәрезханалардың жумысларына күшейтилген санитариялық талапларға әмел еткен ҳалда жумыс баслаўы ушын рухсат берилиўи керек екенлиги атап өтилди.

Соның менен бирге, стикерлер бийкар етиледи ҳәм жеке автомобильлерден пайдаланыўға рухсат бериледи.

Коронавирус толық сапластырылмағаны себепли адамлар көп жыйналатуғын объектлер, яғный:

- театр;
- концерт залы;
- спорт залы;
- тойханалар;
- жәмийетлик транспорт бойынша шеклеўлер белгили бир мүддетке шекем сақланып қалынады.

- Эпидемиологиялық жағдай жақсыланып барғаны сайын шеклеўлерди бийкар етиўди даўам етемиз. Керисинше, жағдай жаманласса, карантин илажларын қайта тиклеймиз, - деп айтып өтти Президент.

Соны айрықша атап өтиў керек, қайсы күннен баслап рухсат берилиўи Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында белгиленеди.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...