Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.05.2020 11:30
  • 1202

Ташкент қаласынан Нөкиске авиарейслер қашаннан баслап қайта жолға қойылатуғыны мәлим болды

Ташкент қаласынан Нөкиске авиарейслер қашаннан баслап қайта жолға қойылатуғыны мәлим болды
Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жыл 18-май күнинен баслап:

- Ташкент қаласынан Нөкис, Үргениш, Термиз қалаларына авиарейслерди (барыў ҳәм қайтыў) тиклеў;

- Ташкент қаласынан Наўайы, Бухара, Қаршы қалаларына «Афросиёб» тез жүрер поезди және Ферғана ойпатына темир жол қатнаўын (барыў ҳәм келиў) қайта жолға қойыўға рухсат берилди.

Соның менен бирге, авиа ҳәм темир жол қатнаўларын шөлкемлестириўде барлық карантин қағыйдаларына әмел етиў, соның ишинде, жолаўшылардың санын азайтыў, дезинфекциялаў ҳәм басқа санитариялық талапларды сөзсиз орынлаў талап етиледи.

Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен Карантин дәўиринде жергиликли жөнелислерде авиа ҳәм темир жол қатнаўларын жолға қойыўдың Ўақытша тәртиби тастыйықланды. Усы Ўақытша тәртип талапларын бузыў эпидемияларға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузыў болып есапланып, ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыўға себеп болады.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Google ҳаққында қызықлы фактлер

Google ҳаққында қызықлы фактлер

    Google – бул тек ғана интернетте излеў хызмети емес, ал заманагөй технологияларды қәлиплестирип атырған дүньядағы

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...