Telegram karinform

Жәмийет

  • 15.05.2020 11:54
  • 1483

Қарақалпақстанда жеке автомобильлерде ҳәрекетлениў бойынша шеклеўлер сақланып қалына ма?

Қарақалпақстанда жеке автомобильлерде ҳәрекетлениў бойынша шеклеўлер сақланып қалына ма?
Республикалық арнаўлы комиссияның 14-майдағы қарарына муўапық, жеке автомобильлерде ҳәрекетлениў бойынша шеклеўлерди 2020-жылдың 18-май күнинен баслап басқышпа-басқыш бийкар етиў бойынша төмендеги тәртип енгизилмекте:

- «жасыл» категориядағы аймақларда – Республикалық арнаўлы комиссия жыйналысының 2020-жыл 6-майдағы 21-санлы протоколы тийкарында автотранспорт қуралларының арнаўлы рухсатнамасыз (стикерсиз) ҳәрекетлениўине рухсат берилген;

- «сары» категориядағы аймақларда саат 06:00 ден 22:00 ге шекемги болған ўақыт аралығында автотранспорт қуралларының арнаўлы рухсатнамасыз (стикерсиз) ҳәрекетлениўине рухсат бериледи. Бунда автотранспорт қуралларының салонында 4 адамнан артық жолаўшы болмаўы керек;

- «қызыл» категориядағы аймақларда автотранспорт қуралларының арнаўлы рухсатнамасыз (стикерсиз) ҳәрекетлениўине тек ғана күнниң белгили бир ўақтында – саат 07:00 ден 10:00 ге шекем, 17:00 ден 20:00 ге шекем – пуқаралардың жумыс орнына барып-келиўи, медициналық қураллар, дәри-дәрмақлар, азық-аўқат ҳәм биринши гезекте зәрүр болған өнимлерди сатып алыў ушын ҳәрекетлениўге рухсат бериледи.

Еслетип өтемиз, Қарақалпақстан Республикасы «қызыл» категориядағы аймақлар қатарына киргизилген.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...