
Хабарыңыз бар, карантин дәўиринде пуқаралар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен сырт ел тәжирийбелерин үйренген ҳалда усы жылдың 18-май күнинен баслап Ташкент қаласынан Нөкис, Үргениш, Термиз қалаларына авиарейслер (барыў ҳәм қайтыў) және Ташкент қаласынан Наўайы, Бухара, Қаршы қалаларына «Афросиёб» тез жүрер поезди және Ферғана ойпатына темир жол рейслери (барыў ҳәм қайтыў) ушын коронавирус инфекциясына тест тапсырыў талабы белгиленген еди.
Карантин шараятында халықтың экономикалық жағдайын итибарға алып, сондай-ақ, ҳәрекетлениў ўақтында жолаўшылардың социаллық аралық сақлаўына шараят бар екенлигин нәзерде тутып және пуқаралардың аймақлар аралық ҳәрекетлениўинде артықша қолайсызлықлардың жүзеге келиўиниң алдын алыў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен усы талап бийкар етилди.
Буннан былай жоқарыда көрсетилген рейслер бойынша ҳәрекетленип атырған жолаўшылардан коронавирус инфекциясына тест анализлери алынғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнама талап етилмейди.
Соның менен бирге, авиа ҳәм темир жол рейслерин шөлкемлестириўде барлық карантин қағыйдаларына әмел етиў, соның ишинде, жолаўшылардың санын азайтыў, дезинфекциялаў ҳәм басқа санитариялық талаплар сөзсиз орынланыўы талап етиледи.
Ислам Матеков.
Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz