Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.05.2020 12:10
  • 1545

Нәўбеттеги хош хабар!!! Коронавирусқа шалынған 6 наўқас саўалды

Нәўбеттеги хош хабар!!! Коронавирусқа шалынған 6 наўқас саўалды
Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында коронавирус инфекциясына шалынған наўқаслардан нәўбеттеги 6 пуқара пүткиллей саўалды. Соңғы тексериўлер усы наўқасларда инфекция жоқ екенлигин көрсетти. Олар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жуўапкер хызметкерлери қатнасында реабилитация орайына шығарып салынды. Бул ҳаққында ҚР ДСМ хабар берди.

Усының менен, республикамызда бүгинги тәўир болған 6 наўқас пенен улыўма саўалғанлар саны 118 адамды қурамақта.

Саўалған наўқаслар жуқпалы кеселликлер емлеўханасында шыпакерлер тәрепинен Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң, сондай-ақ коронавирусқа қарсы гүресте нәтийжели табысларға ерискен мәмлекетлер қәнигелериниң усыныслары тийкарында алып барылған емлеў усыллары себепли кеселликтен толық емленди.

Бундай нәтийжелер тийкарында елимизде коронавирус инфекциясына қарсы гүресте пидайылық пенен мийнет етип атырған медицина хызметкерлериниң хызметлери үлкен.

Олар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында қалған наўқасларды емлеў ҳәм аяққа турғызыў ушын күни-түни аянбай мийнет етпекте.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

    Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренип алған, деп хабар береди

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Жасалма интеллект журналистлердиң орнын толық ийелей ала ма? – ЖИ жуўабы

Соңғы жыллары жасалма интеллект (АИ) мәлимлеме технологияларының ажыралмас бөлегине айланды. Текст жазыў, хабар таярлаў ҳәм ҳәтте...

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

Буннан былай блогерлер 2 категорияға ажыратылмақта – блогер ҳәм инфлюенсер. Oлардың өзгешелиги неде?

    Өткен ҳәптеде Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен дөгерек сәўбетинде онлайн-платформалар бойынша нызам жойбары ҳаққында