Telegram karinform

Жәмийет

  • 20.05.2020 13:05
  • 917

Қарақалпақстанда коронавирустан бүгин саўалып шыққанлардың барлығы ўәлаятлардың турғынлары екенлиги мәлим болды

Қарақалпақстанда коронавирустан бүгин саўалып шыққанлардың барлығы ўәлаятлардың турғынлары екенлиги мәлим болды
ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, Қарақалпақстан Республикасында бүгин коронавирус инфекциясынан саўалып шыққан 6 адамның барлығы ер адамлар болып, олар елимизге Россиядан келген ҳәм карантинге алынған.

Оларда кеселлик анықланғаннан соң емлеўханаға жатқарылған.

Саўалғанлардан 3 адам Бухара ўәлаятынан, 2 адам Хорезм ўәлаятынан ҳәм 1 адам Наўайы ўәлаятынан болған. Олардың арасында ең жасы үлкени 48 жаста болса, ең жасы 21 жаста болған.

Мағлыўмат ушын, усы күнге шекем Қарақалпақстанда коронавирус инфекциясы анықланғанлар 124 адамды қураған болса, солардан 118 наўқас толық саўалып шыққан.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...