Telegram karinform

Экономика

  • 21.05.2020 13:40
  • 2259

UzAuto Motors гезектеги акцияны жәриялады

UzAuto Motors гезектеги акцияны жәриялады
UzAuto Motors автомобиль сатып алмақшы болған, бирақ қаржысы жетпей атырған ўатанласларымыз ушын акция жәриялады деп хабар береди Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Акцияның тийкарғы шәртлери:

– Дәслепки төлем: автомобиль баҳасынан 40% тен 70% ке шекем;
– Төлем мүддети: 12 айдан 36 айға шекем.
– Акцияның әмел етиў мүддети: 2020-жыл 1-июнь (бул сәне де киреди).

«Акция шеңберинде төмендеги автомобильлерди көрсетилген дәўирлер ўақтында айма-ай төлеў орнына мүддетли төлем тийкарында сатып алыў мүмкин:

Spark MT/АТ – 2,0 миллион сумнан (12/18 ай)

Nexia AT – 2,6 миллион сумнан (12/18 ай)

Tracker MT/AT – 3,8 миллион сумнан (18/30/36 ай)

Malibu 1,5 Turbo – 5,6 миллион сумнан (18/30/36 ай)

Trailblaizer – 4,9 миллион сумнан (24/36 ай)

Дыққат: айма-ай төленетуғын сумма дәслепки төлем көлеми ҳәм мүддетли төлем дәўирине қарап өзгерип барады.

Акция физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын әмел етеди.
Толық мағлыўматларды компанияның Call–орайының +998 78 141-77-77 номеринен ҳәм рәсмий дилерлерден алыўыңыз мүмкин.
Акция шеңберинде қатнасып атырған автомобильлердиң баҳалары мүддетли төлем орнына әмелдеги баҳадан парықланыўы мүмкин» делинеди компания мағлыўматында.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Төрткүл районында жүк автомобиллери аварияға ушырады

Уқсас жаңалықлар

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытайда шаңарақларға үшинши перзент туўылғаны ушын 10 жыл даўамында напақа төлеп барылады

Қытай ҳүкимети туўылыў дәрежесин арттырыў мақсетинде финанслық төлемлер ҳәм аналарға бийпул сүт бериў арқалы хошаметлеў илажларын...

Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal талқылаўы бойынша «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлардың дизими жәрияланды

Goal порталы «Алтын топ» ушын тийкарғы талабанлар дизимин жәриялады. Оған бола, «Барселона» вингери Рафиня бул бағдарда...

60 түрдеги өнимлер ушын бажысыз импорт режими және бир жылға узайтылды 

60 түрдеги өнимлер ушын бажысыз импорт режими және бир жылға узайтылды 

    Тутыныў базарларында баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде өсимлик майы, сары май, мәйек, банан, цитрус мийўелер, ун,