Telegram karinform

Жәмийет

  • 25.05.2020 13:46
  • 967

Қарақалпақстан коронавирустан аўлақ аймақ болыўына жүдә жақын турыпты – ӨзР ДСМ

Қарақалпақстан коронавирустан аўлақ аймақ болыўына жүдә жақын турыпты – ӨзР ДСМ
Алдын хабар бергенимиздей, бүгин, 25-май күни Нөкис қаласындағы Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленип атырған наўқаслардан және 4 адам кеселликтен пүткиллей саўалып, тийисли жуўапкерлер қатнасыўында реабилитацияға жиберилди.

ӨзР ДСМның мәлим етиўинше, Қарақалпақстанда саўалып шыққанлардың барлығы узақ аралыққа қатнайтуғын жүк автомашинасының басқарыўшылары болып, Россиядан Қазақстан арқалы елимизге кирип келген.

Анализ нәтийжелерине бола, кеселлик анықланғаннан соң, емлеўханаға жатқарылған. Бүгин емленип шыққан адамлардан:

1 адам – Қарақалпақстан Республикасы;
1 адам – Бухара ўәлаяты;
1 адам – Наўайы ўәлаяты;
1 адам – Самарқанд ўәлаятынан екенлиги мәлим болды.

Олардың ҳәммеси ер адамлар болып, ең жасы үлкени 36 жаста, кишиси 23 жаста болған.

- Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында саўалып шыққанлар 122 адам болып, емленип атырғанлар 9 адамды қурамақта. Яғный, Қарақалпақстан коронавирустан аўлақ аймақ болыўына жүдә жақын турыпты, - деп жазады ӨзР ДСМ.

Ислам Матеков.

Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz
Social

Усыныс етемиз

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Жаңа жасалма интеллект модели өтирик сөйлеў ҳәм адамларды шантаж етиўди үйренди

Уқсас жаңалықлар

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

Кредит ҳәм қарызлар руўхыйлығыңызға қандай тәсир етеди?

    Финанслық миннетлемелер бул тек ғана банк есап бетиндеги санлар емес. Олар сизиң кейпиятыңызға, өзиңизге болған

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

Қарақалпақстанда ең арзан палаў: 2025-жыл апрель айы ушын статистикалық таллаў

    Өзбекстанның түрли ўәлаятларында палаў таярлаўда керек болатуғын өнимлердиң орташа баҳасы ҳәр қыйлы. 2025-жыл апрель айында

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

Балалар байрамында көшелерде балаларды сүўретке түсириў мүмкин бе? Нызамшылық не дейди?

(Фото: И.Матеков)   Бүгин, 1-июнь – Халық аралық балалардың ҳуқықларын қорғаў күни есапланады. Байрам ўақтында көшелерде балаларды...