Олсыз сен кимсең?..
Олсыз сен ҳеш кимсең…
Мен сенсиз жасай алмайман… Базда сени тәрийплеўге сөзим жетпей қалады. Ыңылдап сөйлей алмайман-да.
Жаслығымда ҳәм ҳәзир де сен ҳаққында түрли пикирлер айтылып басланды. Анаў деди, мынаў деди. Билмедим, қайсысы ҳақыйқат екенин. Бәршеси жалған, бәршеси өтирик-өсек…
Қәлбим қуяшы! Суў киби сиңип жоқ болып кетпеши! Оның ушын не ислеўимиз керек??? Әлбетте, саған өрнек болыўымыз зәрүр. Бул зәрүрликти жүрегимиздиң төринде сезиниўимиз шәрт!
Олсыз сен ҳеш кимсең…
Мен баламан, мен жаспан, мен адамман, мен киммен өзи???
Өзиме-өзим сораў берип атырман.
Сениң қәдириңе жеттик пе? Яқ, жетпедик. Қәдириңди аяқ асты қылдық. Сени умыта жазладық, сеннен алыслай басладық, жақсы көрмедик, жараңа дуз септик, жалған сөйледик. Билмедим, бәлким сени умытқан шығармыз. Сеннен жырақ кетиў биз ушын гүнә. Гүнайымызды кеширгейсең.
Сениң қәдириңе жетиў ушын залды толтырып жыйналыс өтиў шәрт пе?!
Сени умытпаў ушын илаж өткериў керек пе?!
Сен быйыл және бир жасқа улғайдың. Сен бүгин басқа әлемге түсип қалдың. Бул – шәмензарлыққа бүркенген бир гөззал бағы-бостан. Сени ҳешким таслап кеткиси келмейди. Сен өмиримиздиң шырағысаң, қарақалпақтың мақтанышысаң. Усы орында баяғы берилген сораўдың жуўабы туўылды.
Сен мениң Ана тилимсең!
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 1-басқыш студенти.Сайтымыздың телеграмдағы каналына ағза болың: https://t.me/karinformuz